Өзбекстан Республикасының “Made in Uzbekistan. Industrial potential of Karakalpakstan” саўда-ярмаркасы шеңберинде Маңғыстаўға келген рәсмий делегация ҳәм исбилерменлер ири кәрханаларда болды.

Атап айтқанда, рәсмий делегация ҳәм исбилерменлер ўәлаяттың ири кәрханаларында болды. Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев, Маңғыстаў областы ҳәкиминиң орынбасары А.Өрисбаев пенен бирге “Ақтау ОРC” көтере тарқатыў орайы, “Ақтаў теңиз саўда порты миллий компаниясы” акционерлик жәмийетинде, “Автолух” жуўапкершилиги шекленген жәмийети көтере тарқатыў орайының жумыслары менен танысты.

Саўда-ярмаркасы барысында еки тәреплеме меморандумға қол қойылды. Республика делегациясына ўәлаяттағы саўда объектлериниң жумысы таныстырылды. Сондай-ақ, исбилерменлер теңиз порты арқалы жүк тасыў процесине айрықша қызығыўшылық билдирди. Буннан тысқары, арнаўлы экономикалық аймақта “West ECO Plast” жуўапкершилиги шекленген жәмийетинде қадақлаў өнимлерин ислеп шығарыўшы заводтың жумысы көзден өткерилди. Келешекте  бирге ислесиў ҳәм байланысларды орнатыў режелестирилип алынды.

Буннан тысқары, таныстырылған биринши объект “Ақтаў ОРC” жуўапкершилиги шекленген жәмийети көтере тарқатыў орайының директоры Бекзат Жеткизгеновтың атап өтиўинше, июнь айында иске түсирилген комплекс 40 мың тонна азық-аўқат өнимлерин сақлаўға арналған. Усы мүнәсибет пенен комплекс сырт елден товарларды қабыл етиўге таяр. Форум шеңберинде исбилерменлерге жумыс барысы менен алдағы режелер таныстырылды.

Ашық аспан астындағы амфитеатрда республикамыздың және туўысқан халықтың көркем өнер ғайраткерлери тәрепинен биргеликте атқарылған дослық ҳәм татыўлықты жырлаўшы қосықлар менен аяқ ойынлар жыйналғанлардың нәзерине усынылды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.