Қазақстан Республикасының Манғыстаў областы Ақтаў қаласында “Made in Uzbekistan. Industrial potential of Karakalpakstan” атамасындағы көргизбе-ярмаркасы өз жумысын баслады.

Бул жерде дәслеп Жоқарғы Кеңес Баслығы А.Орынбаев ҳәм Манғыстаў областы ҳәкими Қ.Нурдәўлет басшылығында еки ел жуўапкерлери ҳәм исбилерменлериниң қатнасыўында ушырасыў өткерилди.

Илажда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы А.Орынбаев шығып сөйлеп, мәмлекетлеримиз арасындағы тарийхый тийкарға ийе қатнасықлар өз-ара бирге ислесиўдиң жаңа басқышқа көтерилиўи еки мәмлекет басшыларының келешек ушын тийкар жаратыў жолында алып барып атырған әдил сиясаты себепли әмелге асып атырғанын атап өтти.

Ушырасыўда қатнасыўшылардың итибары Өзбекстанда, соның ишинде, Қарақалпақстанда инвестиция орталығын жақсылаў, жаңа жойбарларды әмелге асырыў ушын ҳәр тәреплеме қолайлы шараят жаратыў бағдарында алып барылып атырған реформаларға, сондай-ақ, Қарақалпақстан менен саўда байланысларын беккемлеў және кеңейтиўге каратылды. Бул ярмаркаға Қарақалпақстаннан бирге ислесиўди кеӊейтиў бойынша жаӊа келисимлер менен шәртнамаларды дүзиўге таяр 150 ге шамалас ири бизнес ўәкиллери өз өнимлери менен қатнасып атырғанын атап өтиў орынлы.

Әлбетте, шѳлкемлестирилген бул кѳргизбе-ярмаркасы еки ел арасында саўда-экономикалық байланысларды буннан былай да беккемлеўде, ѳз бизнесин раўажландырыўды нийет еткен елимиз пуқаралары Қазақстанныӊ жетекши бизнес ўәкиллери менен исбилерменлик байланысларын орнатыўда айрықша әҳмийетли орын ийелейди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.