Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 4-июль күни Астана қаласында ШБШ Мәмлекет басшылары кеңесиниң гезектеги мәжилисинде қатнасты.
Қазақстан Республикасы Президенти Қасым-Жомарт Тоқаевтиӊ басшылығында өткен илажда Беларусь Республикасы Президенти Александр Лукашенко, Иран Ислам Республикасы Президенти ўазыйпасын атқарыўшы Муҳаммад Мухбир, Қытай Халық Республикасы Баслығы Си Цзиньпин, Қырғыз Республикасы Президенти Садир Жапаров, Пакистан Ислам Республикасы Бас министри Шаҳбоз Шариф, Россия Федерациясы Президенти Владимир Путин, Тәжикстан Республикасы Президенти Эмомали Раҳмон, Ҳиндстан Республикасы сыртқы ислер министри Субраманьям Жайшанкар, сондай-ақ, Шанхай бирге ислесиў шөлкеми бас хаткери Чжан Мин ҳәм ШБШ Регионаллық контртеррор структурасы Атқарыў комитети директоры Руслан Мирзаев қатнасты.
Күн тәртибине муўапық, регионаллық ҳәм халықаралық әҳмийетке ийе тийкарғы мәселелер бойынша ашық пикир алысылды, ШБШ шеңбериндеги көп тәреплемели бирге ислесиўди және де кеңейтиў перспективалары додаланды.
Өзбекстан басшысы саммит қатнасыўшыларын қутлықлап, Қазақстанның ШБШқа басшылығы нәтийжелерин жоқары баҳалады, сондай-ақ, Беларусьты шөлкемге ағза болғаны менен шын жүректен қутлықлады.
Мәмлекетимиз басшысы бул саммит халықаралық жағдай кескинлесип атырған бир шараятта өткерилип атырғанын атап өтти.
– Бундай қыйын жағдайда ШБШның тийкары болған принциплерге садықлығымызды сақлаў ҳәм және де беккемлеў айрықша әҳмийетли. Әне, усы принциплер себепли Шөлкем бүгинги табысларға еристи, халықаралық мәселелерде жоқары абырай ҳәм турақластыратыўшы орынға ийе болды, – деди Шавкат Мирзиёев.
Усы көзқарастан, Президентимиз “Шанхай руўхы”ның тийкарғы принциплерине өз-ара исеним ҳәм мәпдарлық, теңлик, мәдениятлардың рәң-бәреңлигине ҳүрмет, блоклардан аўлақ статусты сақлап қалыў, қарарлар қабыл етиўде консенсус принципине қатаң әмел етиўди даўам етиўге шақырды.
Өзбекстан Президенти атап өткениндей, бүгинги реал турмыста ШБШ аўызбиршилигиниң әззилениўине жол қоймаў әҳмийетли. “Биз “ШБШ шаңарағы” беккемлигин күшейтиўимиз, биргеликте раўажаланыў принципин турмысқа избе-из енгизип, ашылып атырған жаңа имканиятлардан максимал дәрежеде пайдаланыўымыз зәрүр”, деди Шавкат Мирзиёев.
ШБШ мәмлекетлериниң үлкен раўажланыў потенциалын әмелге асырыў ушын экономикалық шерикликтиң жаңа моделин қәлиплестириў ҳәм турақлы раўажланыўдың узақ мүддетли күн тәртибин ислеп шығыў зәрүрлиги атап өтилди.
Өзбекстан басшысы ШБШ алдында турған ең әҳмйиетли ўазыйпалар ҳаққында айтып, төмендегилерге итибар қаратты.
Глобал дәрежеде исеним дефицити мисли көрилмеген дәрежеге шыққан шараятта улыўма қәўипсизликти тәмийинлеўде жаңа көзқарасларды излеў зәрүрлиги өсип бармақта.
Усы көзқарастан, Өзбекстан тәрепинен алға қойылған улыўма қәўипсизлик ҳәм раўажланыў жолындағы аўызбиршилик бойынша Самарқанд басламасын әмелге асырыў әҳмийетли екенлиги көрсетип өтилди.
Мәмлекетимиз басшысы қарым-қатнасты беккемлеў ҳәм қоп тәреплемели бирге ислесиўди тереңлестириў мақсетинде ШБШның Жақсы қоңсышылық, исеним ҳәм трансшегаралық шериклик кодексин қабыл етиўге шақырды.
Экономикалық бағдарда стратегиялық раўажланыўға ерисиў ушын шөлкем шеңберинде саўда тәртип-қағыйдаларын әпиўайыластырыў ҳаққындағы келисим, әмелдеги санлы саўда платформаларын интеграциялаған ҳалда электрон коммерция тараўында бирге ислесиў бағдарламасын ислеп шығыў усыныс етилди.
Санаат кооперациясы бағдарламаларын қоллап-қуўатлаў шеңберинде өз-ара инвестицияларды, бәринен бурын, санааттың жоқары технологиялық тармақлары ҳәм хызметлер тараўына тартыўды хошаметлеў бойынша комплексли илажлар қабыл етиў мақсетке муўапықлығы атап өтилди.
Бундай жойбарларды қаржылай қоллап-қуўатлаў механизмлерин жаратыў, атап айтқанда, ШБШ Қоры ҳәм Раўажланыў банкин шөлкемлестириў мәселесин көрип шығыў әҳмийетли екени атап өтилди.
Өзбекстан жетекшиси ШБШ мәмлекетлериниң экономикалық потенциалын нәтийжели раўажландырыўға хызмет ететуғын “Шығыс – Батыс” ҳәм “Арқа – Қубла” жөнелисиндеги инклюзивлик транспорт системасын қәлиплестириў зәрүрлигине итибар қаратты.
Мәмлекетимиз басшысы сондай-ақ, логистика тәртип-қағыйдаларын санластырыў, атап айтқанда, ШБШ мәмлекетлери шегаралары арқалы алып өтилип атырған товарлар ҳаққында электрон мағлыўматлар алмасыўды шөлкемлестириў режесин ислеп шығыўды усыныс етти.
Шөлкем мәканында заманагөй ҳәм исенимли энергетика инфраструктурасын кеңейтиў мақсетинде қайта тикленетуғын энергетикаға инвестициялар ҳәм технологияларды тартыўды хошаметлеў бойынша комплексли бирге ислесиў режесин таярлаў басламасы билдирилди.
Шавкат Мирзиёев мәмлекетлеримиздиң бәсекиге шыдамлылығын тәмийинлеўде санлы экономикаға өтиў, “жасалма интеллект” ҳәм алдынғы IT-шешимлерди енгизиў шешиўши әҳмийетке ийе екенин айрықша атап өтти. Усы мүнәсибет пенен бул тараўда билим ҳәм алдынғы тәжирийбе алмасыў имканиятын беретуғын “ШБШ келешек технологиялары” бағдарламаасын ислеп шығыў басламасы менен шықты.
Өзбекстан Президенти ШБШ мәмлекетлери арасында социаллық раўажланыў ҳәм қорғаў тараўындағы бирге ислесиў бойынша “жол картасы”н қабыл етиў имканиятларын көрип шығыўды усыныс етти.
Халықтың турмыс дәрежесин раўажаландырыў ҳәм аймақларды, биринши гезекте, аўыллық жерлерди раўажалныдырыў бойынша анық ўазыйпаларды әмелге асырыў 2030-жылға шекем мөлшерленген ең әҳмийетли мақсетлерге ерисиў жолында улыўма үлес болатуғыны атап өтилди.
Ислеп шығарылып атырған өнимлер ҳәм оларды жеткерип бериў имканиятлары атпа-ат сәўлелендирилген мәмлекетлеримиздиӊ агросанаат тараўындағы потенциалы ҳаққындағы мағлыўматларды бирлестиретуғын “ШБШ азық-аўқат қәўипсизлиги атласы” биргеликтеги электрон платформасыен ислеп шығыў басламасы алға қойылды. Онда БМШтыӊ Азық-аўқат ҳәм аўыл хожалығы шөлкеми экспертлерин тартыў усыныс етилди.
Регионаллық қәўипсизлик мәселелерине тоқталып, мәмлекетимиз басшысы заманагөй қәўип-қәтерлерге қарсы гүресиўде мәмлекетлеримиздеги ўәкилликли уйымлардыӊ жумысын тығыз муўапықластырыўды, соныӊ менен бир қатарда, ШБШныӊ Регионаллық контртеррор структурасы бағдарында даўам етиў зәрүрлиги атап өтилди.
Өзбекстан жетекшиси Орайлық Азияныӊ ажыралмайтуғын бөлеги болған ҳәм регионаллық турақлылыққа тиккелей тәсир көрсететуғын қоӊсы Аўғанстандағы жағдайға айрықша тоқтады.
Президентимиз Аўғанстанныӊ ҳәзирги ҳәкимшилиги менен қатнасық орнатыў бағдарындағы көзқараслар ҳәр түрли екенин атап өтип, Кабул менен пүткил регионныӊ қәўипсизлиги ҳәм экономикалық раўажланыўы мәплерине жуўап беретуғын қарым-қатнасты даўам етиўге шақырды. Усы мәнисте, “ШБШ – Аўғанстан” байланыс топарыныӊ жумысын қайта тиклеў ҳаққында усыныс елеге шекем әҳмийетли болып қалып атырғаны көрсетип өтилди.
Сөзиниӊ жуўмағында мәмлекетимиз басшысы ҚХР Баслығы Си Цзиньпинди Қытай Халық Республикасы Шанхай бирге ислесиў шөлкемине басшылық миссиясын қабыл еткени менен қутлықлады.
Мәжилис жуўмағында ҳүжжетлерге қол қойыў мәресими болып өтти. Атап айтқанда, Астана декларациясы ҳәм бирге ислесиўдиӊ түрли тараўларында шерикликти және де беккемлеўге қаратылған әҳмийетли көп тәреплеме ҳүжжетлер қабыл етилди.
Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиӊ басламасы менен ШБШ мәмлекет басшылары тәрепинен Шөлкемге ағза мәмлекетлердиӊ халықаралық мәлимлеме қәўипсизлигин тәмийинлеў мәселелери бойынша бирге ислесиў режеси ҳәм Мәмлекет басшылары кеӊесиниӊ Жақсы қоӊсышылық, исеним ҳәм шериклик принциплери ҳаққындағы протоколы тастыйықланды.
Усы күни Президент Шавкат Мирзиёев Астана қаласында “ШБШ плюс” форматыныӊ “Көп тәреплемели байланысты беккемлеў – турақлы тынышлық ҳәм раўажланыўға қарай умтылыс” темасындағы ушырасыўда да қатнасты.
Илажда ШБШға ағза мәмлекетлер делегациялары ҳәм оныӊ турақлы жумыс алып баратуғын уйымларыныӊ басшыларынан тысқары бақлаўшы ҳәм қарым-қатнас бойынша шерик мәмлекетлердиӊ жетекшилери, ҳүрметли мийманлар, БМШ Бас хаткери Антониу Гутерриш ҳәм басқа халықаралық структуралардыӊ басшылары қатнасты.
Өзбекстан Президенти өзиниӊ шығып сөйлеген сөзинде кеӊ қурамдағы “ШБШ плюс” мәжилисин әйне ўақтында өткерилип атырғанын атап өтти.
– Ҳәзир дүнья исеним, әдиллик ҳәм аўызбиршилик қайта тиклениўине ҳәр қашанғыдан да көбирек зәрүрлик сезбекте, – деди Президентимиз.
Бүгинги глобал процесслерге баҳа берер екен, мәмлекетимиз басшысы сиясий ҳәм экономикалық “бөлеклениўлер”, урыслар ҳәм келиспеўшиликлер халықаралық қатнасықлар системасыныӊ тийкары ҳәм шешиўши принциплериниӊ жемирилиўине алып келип атырғаны атап өтилди.
– Қарама-қарсылық ҳәм протекционизм дүнья экономикасыныӊ бөлеклениўи ҳәм жеткерип бериў шынжырларыныӊ үзилиўине себеп болмақта. Мәмлекетлердиӊ саўда, қаржы, инвестиция, технология ҳәм инновациялар трансфери тараўларындағы нәтийжели бирге ислесиўинде тосқынлық ететуғын жаӊа ажыратыўшы шегаралар пайда болмақта, – деди Президент.
Атап өтилгениндей, “бул машқалаларды шешиўдиӊ бирден-бир жолы – улыўмалық қәўипсизлик, раўажланыў ҳәм абаданлық ушын ис-ҳәрекетлеримизди бирлестириў болып табылады”.
Өзбекстан басшысы ШБШ бәрқулла халықаралық ҳуқықтыӊ улыўма тән алынған принциплери ҳәм БМШтыӊ орайлық муўапықластырыўшы ролине сүйенетуғын көп тәреплемелик тийкарындағы әдалатлы дүнья тәртип-қағыйдаларыныӊ тәрепдары болып келгени ҳәм усындай болып қалып атырғанын атап өтти.
Соныӊ менен бирге, пайда болған реаллық Шанхай бирге ислесиў шөлкеми жумысыныӊ нәтийжесин арттырыўда жаӊа стратегиялық көзқарасларды талап етпекте.
– Шөлкемимиздиӊ үлкен потенциалы ҳәм дүнья сиясаты ҳәм экономикасындағы жоқарылап баратырған ролине сәйкес келетуғын жаӊа мақсет ҳәм ўазыйпаларды ислеп шығыў ўақты келди, – деди Президент.
Мәмлекетимиз басшысы ШБШ шөлкемлестирилген дәўирден берли заманагөй қәўиплердиӊ тәбияты ҳәм көлеми сезилерли дәрежеде өзгергени себепли қәўипсизликти тәмийинлеў мәселелеринде оныӊ жумысыныӊ концептуаллық тийкарларына жаӊа көзқарас пенен қараўды усыныс етти.
ШБШ потенциалын беккемлеўде, атап айтқанда, Қәўипсизликке қәўип-қәтерлерге қарсы гүресиў бойынша универсал орайды шөлкемлестириўде усы факторларды есапқа алыў зәрүрлиги көрсетип өтилди.
Өзбекстан Президенти ўәкилликли уйымлардыӊ басшылары ҳәм экспертлери қатнасыўында ҳәр жылы “Қәўипсизлик мәселелери бойынша ШБШ плюс сөйлесиўи”н өткериў басламасын алға қойды.
Президентимиз ШБШ мәканында саўда-экономикалық бирге ислесиўди избе-из “қайта иске қосыў”, көп тәреплемели саўда ҳәм тармақлараралық шерикликти беккемлеў тийкарларын жаратыў әҳмийетли екенлигин атап өтти.
Саммит даўамында тәреплер саўда тәртип-қағыйдаларын әпиўайыластырыў ҳәм электрон саўданы раўажландырыў, технологиялық кооперацияны, атап айтқанда, келешек санааты тармақларын хошаметлеў бойынша комплексли илажларды көриўге келисип алғаны атап өтилди.
Бизнес байланысы ушын нәтийжели платформаны қәлиплестириў мақсетинде Өзбекстан жетекшиси барлық шериклерди тартқан ҳалда ҳәр жылы “ШБШ ЭКСПО” халықаралық санаат көргизбесин өткериўди усыныс етти.
Экономикалық бирге ислесиў шөлкеми, Араб Қолтығы мәмлекетлери бирге ислесиў кеӊеси, ЕАЭА, АСЕАН ҳәм басқалар менен экономикалық бирге ислесиўди жедел алға қойыў ҳәм биргеликтеги басламаларды әмелге асырыў имканиятларын излеў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.
Бүгинги геосиясий жағдайда аймақлараралық өз-ара байланыслылықты күшейтиў ушын инклюзивлик ҳәм интеграцияланған транспорт-транзит системасын қәлиплестириў айрықша әҳмийетке ийе екени атап өтилди.
Өзбекстан Президенти атап өткениндей, экологиялық машқалалалр күшейип баратырған бир шараятта климат тараўындағы бирге ислесиў ШБШ жаӊа күн тәртибиниӊ еӊ әҳмийетли бөлегине айланыўы керек. Усы мүнәсибет пенен “жасыл”раўажланыў тараўындағы улыўма мақсет ҳәм ўазыйпаларға ерисиў бойынша анық илажларды өз ишине алған Климат өзгериўине қарсы гүресиўде бирге ислесиў ҳаққындағы келисимди ислеп шығыў усынысын қоллап-қуўатлады.
Буннан тысқары, Ташкентте экологиялық турақлылық ҳәм “жасыл” өсиў тараўында изертлеўлер алып баратуғын ШБШныӊ Климат машқалалары бойынша инновациялық шешимлер орайын шөлкемлестириў усыныс етилди.
Халықтыӊ турмыс сапасын жақсылаў ҳәм социаллық қорғаў мәселелери шөлкем күн тәртибинде орайлық орынды ийелеўи керек, деди мәмлекетимиз басшысы. Усы мәнисте, келеси жылы Самарқанд қаласында Келешек саммити мақсетлерине ерисиўге мүнәсип үлес қосыў ушын БМШ қәўендершилигинде турақлы социаллық қорғаў мәселелери бойынша глобал конференцияны өткериў режелестирилгени мәлим етилди.
Мәмлекетимиз жетекшиси цивилизациялараралық қарым-қатнастыӊ сийрек ушырасатуғын моделин алға қойыў ҳәм биргеликте беккемлеўге шақырды. Атап өтилгениндей, “халықларымыздыӊ бай мәдений-тарийхый ҳәм руўхый мийрасы, дәстүрлери, үрп-әдетлери ҳәм турмыс тәризи – бул өз-ара исеним көпирин, жақсы қоӊсышылық ҳәм жақын дослықты беккемлеўге хызмет ететуғын қүдиретли ҳәм жан бағышлайтуғын күш болып табылады”.
Жақында қабыл етилген БМШ Бас Ассамблеясыныӊ “Халықаралық цивилизациялар арасында байланыс күни” резолюциясында әне, усы бағдар сәўлелендирилгени атап өтилди.
Усы мүнәсибет пенен Өзбекстан тәрепинен алға қойылған улыўма қәўипсизлик ҳәм абаданлық жолында аўызбиршилик бойынша Самарқанд басламасыныӊ әҳмийетли екенлиги және бир мәрте атап өтилди. Усы басламаныӊ әмелге асырылыўы турақлы раўажланыў жолындағы қарама-қарсылықларды жеӊип өтиўде цивилизациялар арасындағы байланысты беккемлеўге хызмет етеди.
Мәденият, билимлендириў, жаслар ҳәм саяхатшылық алмасыўлар тараўындағы бағдарламаларды әмелге асырыўға да итибар қаратылды. Атап айтқанда, усы бағдарлардағы жойбарларды системаластырыў ҳәм биргеликте әмелге асырыў имканиятын беретуғын ШБШ гуманитарлық баслама ҳәм бағдарламаларының бирден-бир банкин ислеп шығыў усыныс етилди.
Мәмлекетимиз басшысы сөзиниң жуўмағында “ШБШ плюс” форматындағы бул ушырасыў жуўмақлары Шанхай бирге ислесиў шөлкеми шеңбериндеги көп тәреплемели шерикликтиң раўажланыўына күшли түртки беретуғынына исеним билдирди.
Усының менен Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң Қазақстан Республикасына әмелий сапары жуўмақланды.
ӨзА