Ҳүрметли делегациялар басшылары!
Қазақстан Республикасы Президенти ҳүрметли Қасым-Жомарт Кемелевич Тоқаевқа Астанадағы қызғын қабыллаўы ҳәм саммитти әжайып тәризде шөлкемлестиргени ушын және бир рет миннетдаршылық билдиремен.
Қазақстанның Шөлкем шеңбериндеги көп тәреплемели бирге ислесиўди және де кеңейтиўди тәмийинлеген ШБШтағы нәтийжели басшылығын жоқары қәдирлеймиз.
Ушырасыўымызда бақлаўшы мәмлекетлер, сөйлесиў бойынша шерик мәмлекетлер басшылары ҳәм ҳүрметли мийманларды көрип турғанымнан қуўанышлыман.
Ҳүрметли илаж қатнасыўшылары!
Кең форматтағы “ШБШ плюс” мәжилисин әйне ўақтында ҳәм бүгинги заманның талабы менен өткерилип атырған илаж, деп есаплайман. Ҳәзир дүнья исеним, әдиллик ҳәм аўызбиршилик қайта тиклениўине ҳәр қашанғыдан да көбирек зәрүрлик сезбекте.
Глобаллық сиясий ҳәм экономикалық “бөлеклениўлер”, урыслар ҳәм келиспеўшиликлер халықаралық қатнасықлар системасының тийкары ҳәм шешиўши принциплериниң жемирилиўине алып келмекте. Қарама-қарсылық ҳәм протекционизм дүнья экономикасының бөлеклениўине ҳәм жеткерип бериў шынжырларының үзилиўине себеп болмақта. Мәмлекетлердиң саўда, қаржы, инвестиция, технология ҳәм инновациялар трансфери тараўларындағы нәтийжели бирге ислесиўинде тосқынлық ететуғын жаңа ажыратыўшы шегаралар жүзеге келмекте.
Бул машқалаларды шешиўдиң бирден-бир жолы- улыўмалық қәўипсизлик, раўажланыў ҳәм абаданлық ушын ис-ҳәрекетлеримизди бирлестириў болып есапланады.
ШБШ ҳәр қашан халықаралық ҳуқықтың улыўмалық тән алынған принциплери ҳәм БМШтың орайлық муўапықластырыўшы ролине сүйенетуғын көп тәреплемелилик тийкарындағы әдил дүнья тәртип-қағыйдалары тәрепдары болып келген ҳәм сондай болып қалмақта. Сол мәнисте, Шөлкемимиз жасалма сиясий ҳәм идеологиялық көзқараслардан еркин болған кең көлемли бирге ислесиўди орнатыўға умтылып атырған көплеген мәмлекетлерди өзине тартатуғын орай болып қалмақта.
Соның менен бир қатарда, бүгинги күнде пайда болған реаллық Шанхай бирге ислесиў шөлкеминиң жумыс нәтийжесин арттырыўда жаңа стратегиялық көзқарасларды талап етпекте. Бүгинги күнде өзиниң 25 жыллығы алдында турған ШБШ ушын оның үлкен потенциалы ҳәм дүнья сиясаты менен экономикасындағы артып баратырған ролине тең келетуғын жаңа мақсет ҳәм ўазыйпаларды ислеп шығыў ўақыты келди.
“Шанхай руўхы” ҳәм Хартияның тийкарғы принциплерине сүйенип, Шөлкем ишинде аўызбиршилик ҳәм тилеклесликти сақлаў керек. ШБШ майданында исеним ҳәм дослық орталығын беккемлеў бойынша биргеликтеги ис-ҳәрекетлерди жақсылаўды, бирге ислесиўди және де тереңлестириў жолындағы тосқынлықларды сапластырыўды усыныс етемен.
Бәринен бурын, қәўипсизликти тәмийинлеў мәселелеринде ШБШ жумысының концептуаллық тийкарларына жаңа көзқарас пенен қараўымыз керек.
Шөлкем дүзилген дәўирден берли заманагөй қәўип-қәтерлердиң тәбияты ҳәм көлеми сезилерли дәрежеде өзгерди. Экологиялық ҳәм тәбийғый апатлар, суў ресурслары ҳәм азық-аўқат жетиспеўшилиги, киберҳүжимлер, суверенитет ҳәм экономикалық турақлылыққа зыян жеткериўдиң жаңа усыллары күшейип баратырған қәўип-қәтерлер болып есапланады.
ШБШ потенциалын беккемлеў мәселелерин көрип шығыўда, соның ишинде, Қәўипсизликке қәўип-қәтерлерге қарсы гүресиў бойынша универсал орайды шөлкемлестириўде, олардың барлығын есапқа алыў керек. Бул бағдарда мәмлекетлеримиздеги ўәкилликли уйымлардың басшылары ҳәм эксперлериниң қатнасыўында ҳәр жылы “Қәўипсизлик мәселелери бойынша ШБШ плюс сөйлесиўи”н өткериўди усыныс етемен.
Өзбекстан ШБШ мәканында барқулла бөлекленген ҳалда болып киятырған саўда-экономикалық бирге ислесиўди избе-из “қайта иске түсириў”ди усыныс етеди. Биз ҳәзирге шекем көп тәреплемели саўда ҳәм тармақлараралық шерикликтиң беккем тийкарларын жарата алмадық. Көп ўақыттан берли ШБШ Қоры ҳәм Раўажланыў банкин шөлкемлестириў мәселеси бойынша консенсусқа ерисилмеди.
Биз бүгин саммитте саўда процеслерин әпиўайыластырыў ҳәм электрон саўданы раўажландырыў, технологиялық кооперацияны, соның ишинде, келешек санаат тармақларын хошаметлеў бойынша комплексли илажларды қабыл етиўге келисип алдық.
Барлық шериклерди кеңнен тартқан ҳалда бизнес-қатнасықлар ушын нәтийжели платформаны жаратыў мақсетинде мәмлекетлеримизде ҳәр жылы “ШБШ ЭКСПО” халықаралық санаат көргизбесин өткериўди усыныс етемиз.
Сондай-ақ, Экономикалық бирге ислесиў шөлкеми, Араб Қолтығы мәмлекетлери бирге ислесиў кеңеси, Евроазия экономикалық аўқамы, АСЕАН ҳәм басқа шөлкемлер менен экономикалық қатнасықларды жақсы алға қойыў ҳәм өз-ара байланыс биргеликтеги басламаларды жүзеге шығарыў имканиятларын излеў әҳмийетли болып есапланады.
Бүгинги жаңа геосиясий реаллық шараятында регионлараралық өз-ара байланысты беккемлеў ушын инклюзив ҳәм интеграцияласқан транспорт-транзит системаларын қәлиплестириў керек екенлигине исеним пайда етпекте.
Климат өзгериўи ҳәм экологиялық апатшылықлар сыяқлы глобаллық машқалалар Шөлкемимиз итибарынан шетте қалып кетиўи мүмкин емес. Мәмлекетлеримиз тәбийғый апатлар, топырақ деградациясы, аўыл хожалығында өнимлердиң төменлеўи, ҳаўаның патасланыўы, суў жетиспеўшилиги сыяқлы машқалаларға тез-тез ушыраспақта.
Климат машқалалары бойынша бирге ислесиў ШБШ жаңа күн тәртибиниң әҳмийетли бөлеги болыўы керек деп есаплайман.
“Жасыл” раўажланыў тараўында улыўмалық мақсет ҳәм ўазыйпаларға ерисиў бағдарында анық илажлар белгиленген Климат өзгериўине қарсы гүресиўде бирге ислесиў бойынша келисим ислеп шығыў тәрепдарымыз.
Ташкент қаласында ШБШның Климат машқалалары бойынша инновациялық шешимлер орайын шөлкемлестириўди усыныс етемиз.
Халықтың турмыс жағдайын жақсылаў ҳәм социаллық қорғаў мәселелери Шөлкемниң күн тәртибинде орайлық орынды ийеллеўи керек. Келеси жылы Самарқанд қаласында Келешек саммити мақсетлерине ерисиўге мүнәсип үлес қосыў ушын БМШ қәўендерлигинде турақлы социаллық қорғаў мәселелери бойынша глобаллық конференция өткериўди режелестиргенбиз.
Биз цивилизациялараралық қатнасықтың өзгеше моделин алға қойыўымыз ҳәм биргеликте беккемлеўимиз керек. Бай мәдений-тарийхый ҳәм руўхый мийрас, дәстүр, үрп-әдетлер ҳәм халықларымыздың турмыс тәризи- бул өз-ара исеним көпирин, жақсы қоңсышылық ҳәм жақын дослықты беккемлеўге хызмет ететуғын қүдиретли ҳәм жан бағышлайтуғын күш.
Әне, сол жақсы идеялар жақында бизиң улыўмалық басламамыз бенен БМШ Бас Ассамблеясы тәрепинен қабыл етилген “Халықаралық цивилизациялар арасында қатнасықлар күни” резолюциясында өз көринисин тапқан.
Бул бағдарда биз алға қойған, конструктивлик байланыс ҳәм көп тәреплемели шериклик жолы менен исеним жетиспеўшилигиниң алдын алыўға қаратылған улыўмалық қәўипсизлик ҳәм абаданлық жолында аўызбиршилик бойынша Самарқанд басламалары ҳәр қашанғыдан да әҳмийети болып қалмақта.
Усы басламалардың әмелге асырылыўы турақлы раўажланыў жолындағы қарама-қарсылықларды жеңип өтиўде цивилизациялар арасындағы қатнасықты беккемлеўге хызмет етеди.
Биз биргеликте мәденият, билимлендириў, жаслар ҳәм саяхатшылар алмасыўлары тараўындағы бағдарларды әмелге асырыў арқалы Шөлкемимизди және де дөретиўши структураға айландыратуғынымызға исенемен.
Сол мақсетте жоқарыда көрсетип өтилген бағдарлардағы жойбарларды системаластырыў ҳәм барлық мәпдар тәреплерин кеңнен тартқан ҳалда биргеликте әмелге асырыўға хызмет ететуғын ШБШ гуманитарлық баслама ҳәм бағдарламаларының, бирден-бир банкин ислеп шығыўды усыныс етемиз.
Усы ушырасыўымыздың жуўмақлары Шанхай бирге ислесиў шөлкеми майданындағы көп тәреплемели шериклигимиздиң раўажланыўына күшли түртки беретуғынына исенемен.
Итибарыңыз ушын рахмет.
ӨзА