Быйыл 27-июнь күни қабыл етилген «Жасларды шет тиллерине оқытыў системасыныӊ нәтийжелилигин арттырыў бойынша қосымша илажлар ҳаққында»ғы Президент қарары менен Жаслар ислери агентлигине айырым қосымша функциялар жүкленди.

Атап айтқанда:

  • жасларды шет тиллерине оқытыў процесслерин жетилистириў, талап жоқары болған шет тиллерин толық өзлестириў ушын шараятларды кеӊейтиў, деп мәлимлеме береди хабар.уз
  • шет тиллерин оқытыў жумысы менен шуғыллыныўшы ЖТИлер, өзин-өзи бәнт еткен шахслар ҳәм мәмлекетлик емес билимлендириў шөлкемлери (жеке меншик оқыў орайлары), усы бағдарда жумыс алып баратуғын басқа мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлерди раўажландырыў ҳәм қоллап-қуўатлаў, тараўдағы машқалаларды турақлы түрде таллаў ҳәм олардыӊ шешими бойынша усыныслар таярлаў;
  • жеке меншик оқыў орайлары рейтингин қәлиплестириў ҳәм рейтигте жоқары орынды ийелегенлерди хошаметлеў;
  • жаслардыӊ арасында кәсип-өнер ҳәм шет тиллерин үйрениўди үгит-нәсиятлаў, усы бағдардағы социаллық жойбарлар, таӊлаў ҳәм олимпиадаларды шөлкемлестириў.

Қарақалпақстан хабар агентлиги