Жаңа қарар

Мәлимлеме-коммуникация технологияларынан пайдаланған ҳалда исленген жынаятларға қарсы гүресиўдиң нәтийжелилигин арттырыў, сондай-ақ, оларды анықлаў ҳәм тергеў усылларын жетилистириўге қаратылған санлы криминалистика тараўында илимий-изертлеў жумысын шөлкемлестириў мақсетинде Өзбекстан Республикасы Президентиниң «Санлы криминалистика тараўында илимий-изертлеў жумысын шөлкемлестириў илажлары ҳаққында»ғы қарары қабыл етилди.

Бул қарарда Өзбекстан Республикасы Ҳуқық қорғаў академиясы негизинде Санлы криминалистика илимий-изертлеў институтын шөлкемлестириў нәзерде тутылған. Институт санлы криминалистика тараўында инновациялық изертлеў ҳәм қолланбалар орайына айланыўды мақсет еткен.

Қарардың тийкарға тәреплери:

  1. Институтқа санлы криминалистика тараўында суд-медициналық экспертиза ҳәм изертлеўлер өткериў ўәкиллигин бериў;
  2. Кибержынаятларды тергеў процесслерине заманагөй технологияларды енгизиў. Ҳуқық қорғаў уйымларының жумыс нәтийжелилигин арттырыўда «үлкен көлемдеги мағлыўматлар» (Big Data)ды таллаў, жасалма интеллект ҳәм басқа да алдынғы технологиялардан пайдаланыўға айрықша итибар қаратыў;
  3. Ҳуқық қорғаў уйымларына жынаятлардың санлы излерин анықлаў, алып қойыў, сақлаў ҳәм қадаған етиўде әмелий жәрдем көрсетиў;
  4. Санлы криминалистика бойынша суд экспертизаларын өткериў усылларын ислеп шығыў ҳәм жетилистириў;
  5. Крипто-активлер ҳәм блокчейн технологияларынан пайдаланған ҳалда исленген жынаятларды анықлаў ҳәм тергеў усылларын ислеп шығыў;
  6. Санлы криминалистика тараўында жоқары маман кадрлар таярлаў;
  7. Кибержынаятшылыққа қарсы гүресиў тараўында халықаралық илимий-техникалық бирге ислесиўди кеңейтиў.

Қарарда «Санлы дәлийллердиң бирден-бир реестри» – уйымлараралық автоматластырылған системаны жаратыўға айрықша итибар қаратылған. Реестр санлы дәлийллерди, соның ишинде, фотосүўретлер, видео ҳәм аудио жазыўлар, электрон кошелёклар ҳаққындағы мағлыўматлар, крипто-активлердиң мәнзиллери,

IP-мәнзиллер ҳәм жынаятлардың басқа да санлы излерин топлаў, дизимге алыў, сақлаў ҳәм таллаў ушын мөлшерленген. Реестрдиң енгизилиўи кибержынаятларды тергеўдиң нәтийжелилигин арттырады ҳәм санлы дәлийллердиң исенимли сақланыўын тәмийинлейди.

Усы қарардың өзине тәнлиги оның мәлимлеме-коммуникация технологияларынан пайдаланған ҳалда жүз берген жынаятларды, соның ишинде, крипто-активлер ҳәм блокчейн технологиялары тараўындағы жынаятларды анықлаў ҳәм тергеў процесслерин модернизациялаўға комплексли көзқарас болып есапланады.

Қарарда белгиленген ўазыйпаларды әмелге асырыў мәлимлеме-коммуникация технологияларынан пайдаланған ҳалда ислеген жынаятлар ушын жуўапкершиликтиң бар екени принципин тәмийинлеўге, кибержынаятларға қарсы гүресиў тараўында ҳуқық қорғаў уйымларының жумыс нәтийжелилигин арттырыўға, сондай-ақ, санлы мәканда пуқаралардың ҳуқықлары, еркинликлери менен нызамлы мәплерин қорғаўдың қосымша кепилликлерин жаратыўға қаратылған.

ӨзА