Усы жылдың 27-28 май күнлери жәми 40 қа шамалас ғалаба хабар қураллары хызметкерлери ҳәм қәнигелер қатнасында Арал теңизи ҳәм Мойнақ районы аймағына медиатур шөлкемлестирилди.
Медиатур Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң жәрдеминде Қарақалпақстан хабар агентлиги ҳәм Өзбекистан журналистлер дөретиўшилик аўқамы Қарақалпақстан бөлими тәрепинен шөлкемлестирилген болып, бул илажды шөлкемлестириўден мақсет – Өзбекистан Республикасы Президентиниң 2017-жыл 28-февраль күнги «Қарақалпақстан Республикасы Мойнақ районын 2017-2018 жылларда экономикалық раўажландырыў ҳәм бәнтликти тәмийинлеўге байланыслы қосымша ис-илажлар ҳаққында»ғы ПҚ-2803-санлы қарарының орынланыўын тәмийинлеў бойынша, яғный Мойнақ районы ҳәм Арал теңизи аймағына туристлерди кеңирек тартыўды нәзерде тутқан ҳалда аймақтың тәбияты, тарийхы, ҳайўанат дүньясы ҳәм район халқының үрп-әдет, дәстүрлери ҳаққында журналистлик материаллар таярлаў.
Илаждың биринши күни медиатур қатнасыўшылары ески Уллы Жипек жолы бойлап “Судочье” көли флора ҳәм фаунасы менен танысты, тәбиятта сийрек ушырасатуғын фламинго қусларын тамашалады, “Судочье”деги XII-XIII әсирлерге тийисли тарийхый естелик – сигнал минарасына сапар етти ҳәм усы күни Арал теңизине жетип келип, теңиз жағасындағы отаўларда жайласты ҳәм кеште алаў әтирапында мәдений-әдебий илажлар шөлкемлестирди.
Медиатурдың екинши күни Арал теңизине шомылыў, теңизде катерде ҳәм теңиз жағалаўында квадрацикллерде ушыў ҳәмде қәнигелер менен интервьюлер шөлкемлестириў менен басланды.
Бийпаян қарақалпақ елиндеги усындай гөззал орынларды көриўге мияссар болған медиатур қатнасыўшылары ҳәр адымда таң қаларлық көринислерге, ўақыяларға дус келди. Теңиздиң батыс бөлимине еки километр жерде Үстирт платосы чинкиниң астында жайласқан тарийхый естелик – XII-XIII әсирлерге тийисли «Қорғанша» (Дәўлетгерей) археологиялық комплексине, Үстирт каньонларына, еле өз сырын ашпастан жатқан көшпели қәўимлер дәўирине тийисли бирқатар объектлерге сапар етти.
Ғалаба хабар қураллары хызметкерлерин Арал теңизи аймағына саяхатқа алып шығыў биринши мәрте уйымластырылды, – дейди медиатур шөлкемлестириўшиси, Қарақалпақстан хабар агентлиги директоры Е.Қанаатов. Арал машқаласы ҳаққында дөретиўшилик пенен айланысып атырған кәсиплеслеримиз көп, лекин Арал теңизин, аймақтағы экологиялық жағдайды өз көзи менен көрип, жүрегинен өткерип, қәлем тербеткен басқа. Мойнақ районы көпшиликтиң қыялында тек ғана қайғылы экологиялық зона сыпатында сүўретленеди. Лекин, бул надурыс. 240тан артық түрдеги қуслар салтанаты ҳүким сүрип атырған “Судочье” көлин, бийтәкирар Үстирт чинклерин, каньонларын, әжайып Арал теңизи акваториясын ҳәм Үстирт кеңликлериндеги көплеп ушырасатуғын тарийхый естеликлерди көрген адам пүткил өмир усы мәканға меҳир қойыўы тәбийғый. Демек, Мойнақ районы ҳәм Арал теңизи аймағын ҳәмме көриўи керек.
Қарақалпақстанда жасап турып Арал теңизин көрмегенлер көп, – дейди Қарақалпақ мәмлекетлик университети доценти Якуб Аметов. Мениң өзимниң де Аралды көзим менен көриў үлкен әрманым еди. Бундай гөззал орынларды өмиримде биринши рет көриўим. Мойнақ районында усындай сулыў мәсканлар бар екен, демек экотуризмди раўажландырыўға үлкен потенциал бар. Биринши гезекте жергиликли туризмди раўажландырыў керек.
Медиатур тәсирлери ҳаққында ғалаба хабар қуралларында, социаллық тармақларда, интернет басылымларындв толығырақ жарытылып барылады.
Илажда журналистлик материаллар таярлаўда ӨзРИА Қарақалпақстан бөлими, Қарақалпақстан Республикасы экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў бойынша мәмлекетлик комиссиясы қәнигелер ҳәм илимпазлары жақыннан жәрдем көрсетти.
2 күнлик медиатурды шөлкемлестириўде “Ўзавтодарётранс” Қарақалпақстан бөлими, “UzKorGas Chemical”, «Зарубежнефтегаз – ГПД Центральная Азия», “Үстиртгаз” ЖШЖ кәрханалары, сондай-ақ “Tazabay grand service” ЖШЖ ҳәм “Ayim tour” туристлик компаниясы жақыннан жәрдем берди.
Төменде саяхат даўамындағы сүўретлер менен танысыўыңыз мүмкин.
«Судочье».
Үстирттиң әжайып чинклери
«Судочье». «Ақушпа».
Сапарда усындай әсбап ҳәм технологиялардан пайдаланыў зәрүр еди.
XII-XIII әсирлерге тийисли сигнал минарасы. Судочье. Усы минарадан ҳәр заманларда адамлар ҳәр қыйлы мақсетлерде пайдаланған. Өткен әсирдиң 60-жылларына шекем бул минарадан маяк сыпатында пайдаланылған, яғный Мойнақ районы орайынан суў, азық-аўқат ҳәм басқа затлар артылған жүк кемесине усы жерден сигнал берилген.
Дөретиўшилик процесс
Үстирт платосында ҳәр адымда кесирткелерди, шаянларды (таслардың астында)ушыратыў мүмкин
Үрге. Қәўипли қыялықлар
Өткен әсирдиң 60-жылларында Арал теңизи қайтқанынан кейин, суў тамтарыслығы себепли Үрге балықшылар аўылынан да адамлар басқа орынларға көшиўге мәжбүр болды. Сиз көрип турған усы жер 12 километрлик тар көшелер болған ҳәм бул жерде 7 мыңға шамалас халық жасаған. Бүгинги күнде бул орынлар тарийхқа айланған.
Фламинго излеп… Дөретиўшилик хызметкерлери фламинго излеп 5 км пияда жүриўине туўра келди, лекин фламинго өз гөзаллығын аңсат ғана көрсетип қоймайды. Фламингоны көриў ушын кеминде 3 күн арнаўлы түрде келиў керек ҳәм пайытын пайлап, суўдың ишинде қайықта жатыўың керек.
Арал теңизи жағалаўында кекилик қусын көрип таңланыўымыздың шеги болмады
Арал теңизи. Таңғы пейзаж
Ақтумсық – Аралдың ең терең жери.
Арал теңизи жағалаўы. Усы жерден отаўларға шекем аралық 1 км.
Теңиз жағалаўында туристлер ушын жаратылған шәраятларды көрип, жүдә миннетдар болдық
Теңизге 100 метр аралыққа шекем автотранспортларда келиў мүмкин
Теңизде катерде ҳәм жағалықта квадрацикллерде ушыў медиатур қатнасыўшыларының пүткил өмир ядында қаларлық ўақыя болды.
Арал теңизи.
Дөретиўшилик процесс. Фонда Арал теңизи акваториясы.
Үстирт. Көшпели қәўимлер қәбирлери. XVII-XVIII әсирлер.
Бийтәкирар Үстирт каньонлары
«Арал, хош бол, көрискенше! Биз сени көриўге қайтамыз ҳәм Сен де алдынғы жағаңа қайт!» Медиатур қатнасыўшылары усындай кейпият пенен Арал теңизинен Мойнақ районына жол алды. Мойнақ усы жерге 130 км.
Мойнақ. Кемелер қәбиристаны. Медиатур жуўмағы
- Қарақалпақстан хабар агентлиги