23-июнь күни Өзбекстанның 16 қаласында Халықаралық Олимпиада күни, Балаларды қорғаў күни ҳәм Жаслар күнине арналған «BYD Жаңа Нәпес» дәстүрий ғалабалық жуўырыў жарысы болып өтеди. Сондай-ақ, Ташкентте жоқары әскерий оқыў орынлары питкериўшилериниң қатнасыўында да «Ўатан қалқаны» әскерий-ўатансүйиўшилик ғалабалық жуўырыў жарысы да өткериледи.
«BYD Жаңа нәпес» ҳәм «Ўатан қалқаны» ғалабалық жуўырыў жарысларында мектеп оқыўшылары, студентлер, туристлер, исбилерменлик ҳәм мәмлекетлик структура ўәкиллери, әскерий хызметкерлер, жәмийетлик ғайраткерлерден ибарат 60 мыңға шамалас адам қатнасыўы режелестирилмекте.
Дәстүрий ғалабалық жуўырыў жарысы аралығы 3 километр болып, Әндижан, Наманган, Ферғана, Нурафшон, Наўайы, Гүлистан, Жиззақ, Самарқанд, Термиз, Қаршы, Бухара, Қараўылбазар, Гузар, Үргенш ҳәм Нөкис қалаларының орайлық көшелери бойлап өтеди.
Ташкентте жуўырыўға «Жаңа Өзбекстан» паркинде старт бериледи. Барлық ғалабалық жуўырыў жарыслары бир ўақыттың өзинде азанғы саат 07:00 де басланады. Ҳәзирше шөлкемлестириўшилер утысларды жәрияламаған.
Илаж «Өзбекнефтьгаз» АЖ ҳәм Өзбекстан Жеңил атлетика федерациясы жәрдеминде өткерилип атырғанын атап өтиў керек.
Қарақалпақстан хабар агентлиги