Ҳүрметли Форум қатнасыўшылары!

Ханымлар ҳәм мырзалар!

Бәринен бурын, «Экологиялық қәўип-қәтерлер: өзгерип атырған дүнья жүзинде инсан ҳуқықларының перспективасы ҳәм турақлы шешимлерин излеў» атамасындағы инсан ҳуқықлары бойынша төртинши дәстүрий Самарқанд форумының барлық қатнасыўшылары ҳәм мийманларын қызғын қутлықлайман.

Елимизде биринши рет 2018-жылы өткерилген Инсан ҳуқықлары бойынша Азия форумы дүнья жүзи әмелиятына өзине тән «Самарқанд руўхы»н алып кирди десек, бийкарға айтқан болмаймыз. Усы тәризде инсан ҳуқықлары тараўындағы ең әҳмийетли машқалаларға бағышланған Самарқанд форумларын өткериў жақсы дәстүрге айланды.

Бүгинги конференцияда Бирлескен Миллетлер Шөлкеми ҳәм оның қәнигелескен структуралары, Европада қәўипсизлик ҳәм бирге ислесиў шөлкеми, Европа Аўқамы, Ислам бирге ислесиў шөлкеми, Шанхай бирге ислесиў шөлкеми, Ғәрезсиз Мәмлекетлердиң Дослық Аўқамы, Экономикалық бирге ислесиў шөлкеми, Азияда бирге ислесиў ҳәм исеним илажлары бойынша кеңес, Түркий мәмлекетлер Парламент Ассамблеясы, сондай-ақ, белгили сырт ел мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик ғайраткерлери, инсан ҳуқықлары тараўындағы жетекши экспертлер қатнасып атырғаны айрықша әҳмийетке ийе болып есапланады.

Ҳүрметли конференция қатнасыўшыларыӘ

Глобаллық климат өзгериўи ақыбетинде планетамызда кескин экологиялық жағдай жүзеге келди. Ишимлик суўының жетиспеўшилиги, қоршаған орталықтың патасланыўы, топырақтың жемирилиўи, күшли шаң ҳәм қум боранлары, биокөптүрлиликтиң жоқ болып кетиўи, аўыл хожалығы өнимдарлылығының төменлеўи сыяқлы машқалалар барған сайын ҳәўиж алмақта.

Барлық континентлерде ҳәм мәмлекетлерде бул процесслердиң унамсыз тәсири және де күшейип бармақта. Әсиресе, ҳаўа температурасының артыўы дүнья жүзиндеги орташа көрсеткиштен еки есеге көп болған ҳәм Арал апатшылығын басынан өткерип атырған Орайлық Азия регионында буның ақыбетлери айқын сезилмекте.

Экологиялық кризис Турақлы раўажланыў мақсетлерине ерисиў жолындағы ең тийкарғы тосқынлық ҳәм қәўип-қәтерлерге айланды, глобаллық көлемде кәмбағаллыққа байланыслы машқалалар көбеймекте, инсанның денсаўлығы, таза суў, азық-аўқат ҳәм турақ жайға болған ҳуқықларын тәмийинлеў қәўип астында қалмақта. Бәринен бурын, социаллық қорғаўға мүтәж қатлам, атап айтқанда, майыплығы болған шахслар, кекселер, ҳаял-қызлар ҳәм балалар қыйналмақта.

Әлбетте, климат өзгериўи ақыбетинде инсан ҳуқықларына жеткерилетуғын зыянды кескин азайтыў ушын дүнья жүзи мәмлекетлери биргеликте нәтийжели илажлар көриўи керек. Келешек әўладлардың тәғдири ушын бәршемиз үлкен жуўапкершиликти өз мойнымызға алатуғын ўақыт келди.

Париж келисиминде атап өтилгениндей, климаттың өзгериўине қарсы илажлар көрилип атырғанында, мәмлекетлер инсан ҳуқықларын ҳүрмет етиўи, хошаметлеўи ҳәм қорғаўы, тийкарғы дыққат-итибарын усы тараўдағы миннетлемелерди орынлаўға қаратыўы керек.

Ҳүрметли мийманларӘ

Жаңа Өзбекстанда климаттың өзгериў машқалалары менен гүресиў турақлы раўажланыўды тәмийинлеўдиң ең әҳмийетли факторына айланды. Биз қолдан келгенше бундай процесслердиң алдын алыў ҳәм олардың унамсыз тәсирин жумсартыў бойынша зәрүр илажларды көрмектемиз.

Жаңа редакцияда қабыл етилген Конституциямызда инсанның қолайлы қоршаған орталыққа болған ҳуқықы өз алдына бапта беккемленген. Мәмлекеттиң қоршаған орталықты жақсылаў, тиклеў ҳәм қорғаў, экологиялық келиспеўшиликти сақлаў бойынша ўазыйпаларды әмелге асырыў миннетлемелери белгилеп қойылған.

Сондай-ақ, Аралбойы регионының экологиялық системасын қорғаў ҳәм тиклеў, регионды социаллық ҳәм экологиялық жақтан раўажландырыў, мәмлекетимизде «жасыл» экономикаға ҳәм углерод нейтраллығына өтиў мәселелерине айрықша итибар қаратылмақта.

Соның ишинде, 2030-жылға барып мәмлекетимиз энергетика балансында қайта тиклениўши энергия қуўатлылығын 40 процентке жеткериўди режелестиргенбиз. «Жасыл мәкан» улыўма миллий жойбары шеңберинде Өзбекстанда 1 миллиард түп нәл егилмекте. Арал теңизиниң қурыған түбинде 2 миллион гектар майданда тоғайлар қурдық.

Соны айрықша атап өтиўди қәлер едим, бизиң ҳәрекетлеримизди дүнья жүзи жәмийетшилиги кеңнен қоллап-қуўатламақта. Атап айтқанда, Бирлескен Миллетлер Шөлкеми Бас Ассамблеясы тәрепинен «Аралбойы регионын экологиялық инновациялар ҳәм технологиялар аймағына айландырыў», «Орайлық Азия экологиялық машқалалар қарсаныңда: турақлы раўажланыў ҳәм абаданлық жолында регионаллық тилеклесликти беккемлеў» сыяқлы әҳмийетли резолюциялар бир аўыздан қабыл етилди.

Адамзат дус келип атырған климатқа байланыслы кескин машқалалардың ақыбетлерин жумсартыў инсан ҳуқықлары тараўындағы халықаралық бирге ислесиўдиң тийкарғы бағдарларынан бири болып қалатуғыны сөзсиз.

Сол себепли, Бирлескен Миллетлер Шөлкеми Бас Ассамблеясының «Орайлық Азияда климат өзгериўиниң унамсыз ақыбетлерине қарсы гүресиў шараятында инсан ҳуқықларын қорғаў ҳаққында»ғы резолюциясын ислеп шығыў ҳәм алға қойыў бойынша басламамызды қоллап-қуўатлайсыз, деп исенемен.

Сиз, әзизлер бүгинги Форум даўамында глобаллық көлемде экологиялық жағдайдың турақлылығын сақлаў, инсан ҳуқықлары ҳәм мәплерине хызмет ететуғын жаңа әмелий усынысларды ислеп шығасыз, деп исенемен.

Пурсаттан пайдаланып, бәршеңизге беккем денсаўлық, бахыт ҳәм әўмет, Форумның жумысына үлкен табыслар тилеп қаламан.

Шавкат МИРЗИЁЕВ,

Өзбекстан Республикасы Президенти