Көркем аўдарма дөретиўшиден еки есе мийнетти, тапқырлық, сөз өнерине болған шексиз меҳир ҳәм билимди, шеберликти талап етеди. Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң басламасы менен 2024-жыл 4-июнь күни «Әдебий аўдарма тараўында Муҳаммед Рийза Әгаҳый атындағы халықаралық сыйлықты шөлкемлестириў ҳаққында»ғы қарардың қабыл етилгени аўдарма тараўында изленип атырған дөретиўшилер мийнетин хошаметлеўде жаңа горизонтларды ашатуғыны сөзсиз.

Өзбекстан Жазыўшылар аўқамы тәрепинен Паркент дөретиўшилик үйинде шөлкемлестирилген Республикалық дилмашлар форумы усы қарардың орынланыўы, онда белгиленген ўазыйпаларға бағышланды.

Илажда көркем аўдарма тараўында мийнет етип атырған дөретиўшилер, устазлар, ҳаял-қызлар қатнасты.

Өзбекстан Жазыўшылар аўқамы баслығының дөретиўши мәселелер бойынша биринши орынбасары Минҳожиддин Мирзо миллий әдебиятымызға көрсетилип атырған жоқары итибар көркем аўдарма мектебиниң дәстүрлерин тиклеўде, тараў пидәкерлериниң мийнетин хошаметлеўде, өзбек әдебиятының ең жақсы үлгилерин ҳәм жәҳән әдебияты дурданаларын ана тилимизге аўдарыў жаңа имканиятлар ашатуғынын атап өтти.

Форумда өзиниң дөретиўшилик жумысы менен әдебий жәмийетшилик нәзерине түскен бир топар аўдармашыларға Өзбекстан Жазыўшылар аўқамының ағзалық гүўалықлары тапсырылды.



– Бизиң улыўма әдебиятымыз, ески ҳәм беккем әдебий байланысларымыз, туўысқанлық байланысларымыз бар, – деди Әзербайжан Жазыўшылар аўқамының халықаралық қатнасықлар бөлиминиң хаткери Салим Бабулла улы. – Бул байланыслар Әлийшер Наўайы, Шаҳ Исмаил Физулий, Заҳириддин Муҳаммед Бабур дәўиринен берли раўажланып келмекте. Ғәрезсизлик жылларында мәмлекетлеримиз арасындағы әдебий қатнасықлар жаңаша раўажланыў басқышына кирди. Абдулла Қадирийдиң «Өткен күнлер» романы, Абдулла Арипов, Эркин Ваҳидов, Усман Азим, Азим Суюн, Хайриддин Султон, Сирожиддин Саййид, Усмон Қўчқор, Хосият Рустамова ҳәм басқа да көплеген зәбердес өзбек дөретиўшилериниң шығармалары әзербайжан тилине аўдарылды. Пурсаттан пайдаланып, «Түркий әдебият дүрданалары» деп аталған 100 томлық көркем басылымды басып шығарыўда басламашы болғаны ушын Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевқа миннетдаршылық билдиремен. Түркий әдебиятты өзинде жәмлеген бул топлам ҳақыйқатында да жүз жылларға татыйтуғын әдебий, мәңги топлам болып есапланады.

– Дүнья халықлары бир-бириниң шығармаларын аўдармаса, дөретиўши процесстен хабарсыз қалатуғыны тәбийғый. Аўдарма мәселелерине байланыслы топлам ямаса альманах таярлаў, соның менен бирге, Өзбекстан Миллий университетинде белгили илимпаз ҳәм аўдармашы Ғайбулла ас-Саломның көркем аўдармаға байланыслы мектебин тиклеў ўақты келди, – деди устаз журналист, «Жәҳән әдебияты» журналының бас редакторы Аҳмаджон Мелибоев.

Бул форум әдебий аўдарма тараўында жаңа режелер дүзиў, жас дөретиўшилер менен ислесиў, олардың устазларының нәсиятларынан заўық алыўында, шеберлик сабақлары, семинарлар шөлкемлестириўде үлкен әҳмийетке ийе.

Форумның дәслепки жумыс күнинде Николай Ильин аўдармасындағы «Ветви волшебного дерева» топламының презентациясы болып өтти.

Назокат УСМОНОВА

ӨзАның хабаршысы