Өзбекстан спорт делегациясы усы жылдың дәслепки комплексли спорт жарысы болған «БРИКС» VI халықаралық спорт ойынларында қатнасыў ушын Россияның Қазан қаласына жөнеп кетти.
Усы мүнәсибет пенен пайтахтымыздағы «Ислам Кәримов» атындағы халықаралық аэропортта бул жарысларда ўатанымыз абырайын қорғайтуғын спорт делегациясын шығарып салыў мәресими болып өтти.
Онда қатнасқан Өзбекстан Республикасы спорт министриниң орынбасары Шахрулло Маҳмудов «БРИКС» VI халықаралық спорт ойынлары елимиз спорт командалары, өз алдына спортшылар ушын халықаралық жарыслар көнликпесин қәлиплестириўде айрықша әҳмийетке ийе екенлигин атап өтти. Елимизде шебер жасларды таңлаў, олардың қәбилетин көрсетиўде мәмлекетимиз тәрепинен айрықша итибар берилип атырғаны, бул, Жаңа Өзбекстанның жаңа спортшылар әўладын камалға келтириўде әҳмийетли фактор екенин билдирип, Қазан жарыслары олар ушын үлкен беллесиў майданы болып хызмет ететуғынын айтып өтти.
Ҳақыйқатында да, усы жылдың 12-24-июнь күнлери өтетуғын «БРИКС» VI халықаралық спорт ойынларына қатнасыўшы мәмлекетлер көлеми ҳәм спортшылар саны бойынша жылдың ең ири комплексли жарыс есапланады.
Қазан қаласындағы 18 спорт имаратында өтетуғын 13 күнлик «БРИКС» ойынлары жарысларында дүньяның 60 мәмлекетинен 4 мыңға шамалас спортшылар сыйлы орынлар ушын гүрес алып барады. Олардың қатарында Өзбекстанның 250 ден аслам спортшысы елимиз абырайын қорғаўы, олар ойынлар бағдарламасындағы 27 спорт түриниң 23 инде «БРИКС»тиң 389 медальлар қорындағы алтын-гүмис-бронзалар ушын болып өтетуғын беллесиўлерде Өзбекстанның атынан қатнасыўы жарыслардың әҳмийети ҳәм жеделлиги қаншелли жоқары екенинен дәрек береди.
Еслетип өтемиз, «БРИКС» ойынлары беллесиўлеринде елимиздиң шебер спортшылары академиялық ескек есиў, каратэ, самбо, спорт гимнастикасы, еркин, грек-рим ҳәм ҳаял-қызлар кураши, жүзиў, шахмат, синхрон жүзиў, ушу, теннис, жеңил атлетика, суўға секириў, баскетбол фиджитал, байдарка ҳәм каноэда ескек есиў, бокс жарысларында қатнасады.
Тўлқин РЎЗИЕВ,
ӨзАның хабаршысы