Қәдирли мийманлар!
Әзиз ўатанласлар!
Ханымлар ҳәм мырзалар!
Бәринен бурын, бүгинги үлкен ўақыя – Өзбекстанда Әзербайжан мәденияты күнлериниң салтанатлы ашылыўы менен бәршеңизди шын жүректен қызғын қутлықлайман.
Сизлерге жақсы белгили, кейинги жыллары Өзбекстан ҳәм Әзербайжан мәмлекетлериниң арасында дослық ҳәм бирге ислесиў байланыслары жедел раўажланып, толық жаңа басқышқа көтерилмекте.
Буны барлық тараўлар қатарында мәдений-гуманитарлық бағдардағы байланысларымыз да избе-из раўажланып баратырғаны мысалында бәршемиз айқын көрип турыппыз.
Әзербайжан Республикасы Президенти, әзиз туўысқаным Илҳам Гейдарович Алиев пенен келисимлеримиз тийкарында өткен жылы Әзербайжанда Өзбекстан мәденияты күнлери, усы жылы январь айында болса Өзбекстан илими ҳәм мәденияты күнлери жоқары дәрежеде өткерилди.
Әййемги Әзербайжан жеринде өзбекстанлы илим ҳәм мәденият ғайраткерлери үлкен ҳүрмет-итибар менен күтип алынғаны, бул үлкеде болып өткен қызғын ҳәм шын жүректен ушырасыў ҳәм қарым-қатнаслар, әлбетте, халықларымыз арасындағы әзелий туўысқанлық қатнасықларын беккемлеўге мүнәсип үлес болып қосылды.
Биз Өзбекстанда өткерилип атырған Халықаралық мақам әнжуманы, Бақсышылық ҳәм “Лазги” фестивальлары ҳәм басқа ири мәдений илажларда Әзербайжан дөретиўшилери турақлы қатнасып киятырғанын жоқары қәдирлеймиз.
Әзербайжанда миллий муғом көркем өнери бойынша болып өтетуғын дәстүрий фестивальға өзбек көркем өнер ғайраткерлери турақлы мирәт етилип атырғаны айрықша итибарға ылайықлы.
Мәмлекетимизде үлкен қуўыныш пенен басланып атырған Әзербайжан мәденияты күнлери туўысқан әзер жеринде болып өткен Өзбекстан мәденияты күнлериниң ажыралмас даўамы болып табылады.
Исенимим кәмил, бизиң көркем өнерди сүйиўши халқымыз аңсап күткен усы мәденият күнлери туўысқанларымыздың әййемги ҳәм бай мәденияты, көркем өнери, әдебияты, миллий дәстүр ҳәм қәдириятлары менен және де жақынырақ танысыў ушын қолайлы имканиятлар беретуғын гөззал бир әнжуман болады.
Сиз әзиз, Әзербайжан мәденияты күнлериниң барлық қатнасыўшыларын және бир мәрте шын жүректен қутлықлап, бәршеңизге беккем денсаўлық, жоқары дөретиўшилик пәрўазлар тилеймен.
Сизлер усы мәденият ҳәм көркем өнер байрамы шеңберинде Жаңа Өзбекстанда әмелге асырылып атырған үлкен өзгерислер менен халқымыздын әййемги тарийхы ҳәм бай мәденияты менен және де жақынырақ танысасызлар, деп исенемен.
Туўысқанларыңыз үлкеси – Өзбекстанға хош келдиӊиз!
Шавкат МИРЗИЁЕВ,
Өзбекстан Республикасы Президенти