Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң мирәт етиўине бола Корея Республикасы Президенти Юн Сок Ёль 13-15-июнь күнлери мәмлекетлик сапар менен мәмлекетимизде болады.

Сапар бағдарламасына муўапық, Ташкент қаласында болып өтетуғын жоқары дәрежедеги сөйлесиўлерде Өзбекстан – Корея дослық ҳәм айрықша стратегиялық шериклик қатнасықларын буннан былай да раўажландырыўдың әҳмийетли мәселелери көрип шығылады.

Саўда, инновациялар ҳәм технологиялар алмасыўы, энергетика, электроника ҳәм электротехника, химия санааты, аўыл хожалығы, инфраструктуралық раўажланыў ҳәм басқа да тийкарғы бағдарларда әмелий бирге ислесиўди кеңейтиў мәселелери дыққат орайында болады. Билимлендириў, денсаўлықты сақлаў, мәденият, спорт ҳәм туризм тараўларындағы биргеликтеги бағдарламалар додаланады.

Сондай-ақ, регионаллық, соның ишинде, «Орайлық Азия – Корея Республикасы» форматындағы бирге ислесиў бойынша да пикир алысыў режелестирилген.

Саммит жуўмақлары бойынша бир қатар ҳүкиметлераралық ҳәм уйымлараралық ҳүжжетлерге қол қойылыўы нәзерде тутылған.

Сапардың исбилерменлик бағдарламасы шеңберинде Өзбекстан ҳәм Қубла Корея Президентлери биргеликтеги бизнес форумда қатнасады.

Президент Юн Сок Ёль мәмлекетимиздиң бай мәдений-тарийхый мийрасы менен танысыў мақсетинде Самарқанд қаласына барады.

ӨзА