Өзбекстан делегациясы Ҳаж ҳәм умра ислери министри Тавфиқ бин Фавзон ар-Рабианың мирәт етиўине бола Мекке қаласында болып өтип атырған 48-Ҳаж конференциясында қатнасты. Быйылғы бул илаж «Ҳаж әмелин орынлаўда нызамлы рухсатнамаларға ҳәм әмелдеги қағыйдаларға әмел етиў»ге бағышланды.
Мәмлекетимиз делегациясы қурамында Өзбекстан Республикасы Президентиниң дин ҳәм миллетлераралық қатнасықлар мәселелери бойынша кеңесгөйи Музаффар Комилов, Өзбекстан мусылманлар мәкемесиниң баслығы, муфтий Шайх Нуриддин Холиқназар ҳәзиретлери, Дин ислери бойынша комитет баслығы Содиқ Тошбоев, сондай-ақ, Өзбекстанның Саудия Арабстанындағы Айрықша ҳәм толық ҳуқықлы елшиси Нодиржон Турғунов, Өзбекстан Республикасының Жидда қаласындағы Бас консулханасының «Ҳаж» ҳәм «Умра» ислери бойынша атташеси Шуҳрат Омоний ҳәм бир қатар тараў жуўапкерлери қатнасты.
Қуран оқыў менен басланған конференцияны мәмлекеттиң Ҳаж ҳәм умра ислери министри кирис сөзи бенен ашып, мәртебели мийманларды Меккеге сапарлары ҳәм абырайлы илажда қатнасыўы менен қутлықлады. Ҳаж мәўсимин жоқары дәрежеде өткериў бойынша әмелге асырылып атырған жаңа жойбарлар ҳаққында сөз етти.
Халықаралық конференцияда Саудия Арабстаны Патшалығының зыяратшыларға хызмет көрсетиўдеги мәдений ҳәм цивилизациялық роли ҳаққында сөз етилди. Мусылманларға хызмет етиў ушын Еки Муқаддес Мешиттеги ең әҳмийетли жойбар ҳәм үлкен өзгерислер таныстырылды. Сондай-ақ, ҳаж әмелин орынлаўда нызамлы рухсатнамаларға ҳәм әмелдеги қағыйдаларға бойсыныў керек екени айрықша атап өтилди.
Бул симпозиумда Саудия Арабстаны Министрлер Кабинети жанында Масжидул Ҳарам ҳәм Масжидул Набавийдеги диний ислер бойынша бийғәрез аппарат баслығы Шайх Абдурраҳмон ас-Судайс, Ислам дүньясы ассоциациясының Бас хаткери, Мусылман уламалар коллегиясының баслығы, Шайх Доктор Муҳаммад Абдулкарим ал-Исо, Саудия Арабстанындағы Ислам бирге ислесиў шөлкеми жанындағы Халықаралық Ислам фикҳи академиясының баслығы Доктор Қутб Мустафо Сану, Египет Араб Республикасының Бас муфтийси, Доктор Шавқий Иброҳим ал-Аллом ҳәм басқа да мәртебели уламалар қатнасты.
Өзбекстан мусылманлары мәкемеси баспасөз хызметиниң хабарына бола, бул симпозиум 1970-жылдан берли ҳәр жылы өткериледи. Быйылғы конференцияда 50 ден аслам мәмлекеттен 500 ден зыят улама ҳәм ойшыллар тема бойынша әҳмийетли мәселелерди додалады.
Н.Усмонова таярлады, ӨзА