Президент Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында 10-июнь күни энергия ресурсларынан пайдаланыўдың нәтийжелилигин арттырыў ҳәм энергетика тараўы объектлериниң гүзги-қысқы мәўсимде турақлы жумыс ислеўин тәмийинлеў илажлары бойынша видеоселектор мәжилиси болып өтти.
Энергетика тармағын раўажландырыў ҳәм турақлы жумыс алып барыўын тәмийинлеў, энергия дәреклерин ҳәм генерация қуўатлықларын көбейтиў – мәмлекетимиз сиясатының әҳмийетли бағдары. Соның менен бирге, энергия ресурсларынан ақылға уғрас пайдаланбастан, тармақ ҳәм аймақларда, ҳәм социаллық, ҳәм экономикалық тараўларда энергияның нәтийжелилигин тәмийинлеместен системада жоқары нәтийжелерге ерисип болмайды.
Усы мүнәсибет пенен мәжилисте бул мәселелерге айрықша итибар қаратылды.
Өткен жылы электр ҳәм газди үнемлеў бойынша район кесиминде ислесиў бағдарламалары қабыл етилди. Шаңарақлар ҳәм социаллық объектлерде орнатылған тек ғана қуяш коллекторларының есабынан 20 миллион киловатт электр үнемленбекте. Санаат кәрханалары да “жасыл энергия” дәреклерин енгизбекте.
Бирақ, айырым аймақларда жумыслар төмен дәрежеде болғаны ушын электрди үнемлеў режеси толық орынланбай атырғаны көрсетип өтилди.
Жаңа социаллық объектлерди жойбарластырыўда энергияны үнемлеў бойынша қатаң талап киргизилип, ҳәкимшилик имаратлар, көп қабатлы турақ жайлар, кәрхана, саўда ҳәм сервис имаратларында энергияның нәтийжелилиги бойынша техникалық шәртлерди ислеп шығыў зәрүрлиги атап өтилди.
Мәжилисте быйылғы жылы 1 мың социаллық объектти гүзги-қысқы мәўсимге таярлаў тапсырылды. Атап айтқанда, 251 емлеўхана, 292 бақша, 393 мектеп ҳәм интернат оңланады.
Президент тармақ басшылары ҳәм ҳәкимлердиң быйыл электр ҳәм газди үнемлеў режеси қанаатландырарсыз екенин, олар және де үлкен шек алыўы шәрт екенин атап өтти.
Ҳәр бир ҳәкимге биреўден районды таңлап, электр ҳәм газди үнемлеў бойынша үлги ислеў тапсырылды. Бул районларда быйыл 750 миллион киловатт электр ҳәм 550 миллион куб метр газдиң үнемлениўине ерисиў әҳмийетли екени атап өтилди.
– Үнемлеў – шығынларды азайтыў, үнемли технологияларды енгизиў есабынан болыўы шәрт, – деди мәмлекетимиз басшысы.
Мәжилисте буннан былай алдынғы тәжирийбе тийкарында тараў ҳәм тармақларда энергияныӊ нәтийжелилигин баҳалаў бойынша жаӊаша система әмел етилетуғыны белгиленди.
Онда жылына кеминде 4 миллион киловатт электр яки 375 мыӊ куб метр газ жумсайтуғын ири пайдаланыўшылар ҳәр үш жылда энергия аудитинен өтеди. Энергоинспекция ҳәр жылы ири пайдаланыўшылардыӊ дизимин жәриялап барады, аудиттен өтпеген кәрханаларға газ ҳәм электр көбейтилген тарифте жеткериледи.
Жуўапкерлерге жыл ақырына шекем жаӊа система менен байланыслы техникалық регламент ҳәм нормативлик ҳүжжетлерди ислеп шығыў ўазыйпасы тапсырылды.
Мәмлекетимизде электромобильлердиӊ саны соӊғы үш жылда 10 есеге көбейип, 35 мыӊға жетти. Жиззақта электромобиль ислеп шығарыў жолға қойылмақта.
Усы мүнәсибет пенен электр системасын раўажландырыўда жаӊа зарядлаў қуўатлықларын есапқа алыў зәрүрлиги көрсетип өтилди.
Енди электромобильди турақ жайда қуўатлаўды хошаметлейтуғын түнги тариф енгизиледи. Қуўатлаў үскенесине есаплағыш орнатқан халыққа түнги ўақытта қуўатлағанлығы ушын арзан тариф қолланады.
Сондай-ақ, көшелер, көп қабатлы турақ жайлар әтирапында 22 киловаттқа шекем, турақ жайларда 7 киловаттқа шекем зарядлаў станциясын орнатыў мүмкин болады. Мәмлекетлик шөлкемлер, саўда орайы, мийманхана ҳәм дем алыў орайлары автомобиль тоқтап турыў орынларында қуўатлаў станциясы орнатылады.
Республикамыздағы 39 мыӊға шамалас көп қабатлы турақ жайға 819 басқарыў компаниясы хызмет көрсетпекте. Салық жеӊилликлери, арзан кредит берилгени, ески қарызлар “музлатылғаны” есабынан олар аяққа турмақта. Мысалы, бир жыл алдын 133 басқарыў компаниясы “аўыр” категорияда болған болса, ҳәзир бундай компания қалмады. Нәтийжеде жыл басынан 2 мыӊ 100 көп қабатлы турақ жай оӊланды, 1 миллионға шамалас терек ҳәм гүл нәллери егилди.
Мәжилисте барлық орынларда да адамлардыӊ турақ жайларын басқарыў сапасынан қанаатланбай атырғанын атап өтти. Көплеген басқарыў компаниялары тек көшелерди сыпырыў ҳәм тазалаў, әмелдеги оӊлаў менен шекленип атыр. Бирақ, турақ жайлардыӊ әтирапын абаданластырыў, төбе, ишки ҳәм суўғарыў тармақларын саз ҳалда сақлап турыў сыяқлы тийкарғы ўазыйпалар итибардан шетте қалып кетпекте.
Жақында басқарыў компанияларыныӊ хызети ушын тарифтиӊ аз муғдары белгиленди. Енди басқарыў ҳәм эксплуатация сапасы да усыған жараса болыўы керек екени көрсетип өтилди.
Басқарыў компаниялары халық ҳәм коммуналлық шөлкем арасында “көпир” болыўы керек екени атап өтилди. Буннан соӊ қурылғанына еки жылдан аспаған турақ жайларда, яғный кепиллик мүддетинде машқала шықса, жумысты бөлип алып ислеўши менен бирге оларды сапластырыўға жуўапкер болатуғыны белгиленди.
Көп қабатлы турақ жайлар сейсмо-конструкциясына нызамсыз өзгерис киргизиў жағдайлары бақланып атырғаны, жаӊа көп қабатлы турақ жайларда имараттыӊ шөгиўи, оларда жарықлар жүзеге келип атырғаны, шорланыў ҳәм сапа бойынша халықтан шағымлар болып атырғаны атап өтилди.
Жуўапкер шөлкемлерге турақ жайлардыӊ қәўипсизлиги ҳәм инфраструктураныӊ сапасы бойынша жумысты бөлип алып ислеўшилер миннетлемеси орынланыўын қатан қадағалаўға алыў, конструкцияны нызамсыз өзгертиў жағдайларын ерте анықлаў системасын енгизиў тапсырылды.
Быйылғы жылғы гүзги-қысқы мәўсимге таярлық көриў бойынша ҳәр бир мәҳәлледеги ҳақыйқый жағдай үйренилди, районлар кесиминде бағдарлама ислеп шығылды. Таярлық жумысларына өткен жылғы 14 триллион сумға қосымша және 14 триллион сум ажыратылыўы белгиленди.
Жыл басынан ўәлаятларда 250 авариялық өшиў жүз берген, ақыбетинде айырым орынлардағы пайдаланыўшыларға электр турақлы жеткерилмеген. Сондай-ақ, айырым көп қабатлы турақ жайлардағы электр қутылар ҳәм ондағы сымлар мүддетин өтеп болған.
Жуўапкерлерге бул бағдардағы кемшиликлерди толық сапластырыў тапсырылды. Жумысларды еӊ аўыр мәҳәллелерден баслап, жыл ақырына шекем 30 мыӊ километр тармақ, 10 мыӊ трансформаторды жақсылаў ўазыйпасы қойылды.
Мәжилисте энергетиканыӊ ресурс базасын беккемлеў мәселелери де көрип шығылды.
Барлық генерация дәреклери есабынан быйылғы жылы 4 гигаваттлы электр станцияларын иске қосыў режелестирилген. Буннан тысқары, 850 километр магистрал тармақ ҳәм 9 подстанцияны капитал оӊлаў, 595 километр электр тармағы ҳәм 4 жаӊа подстанцияны иске қосыў режелери белгилеп алынды.
Ыссылық электр станциялары турақлы ислеўи, халық ҳәм социаллық тараў талаплары ушын быйылғы жылы көмир қазып шығарыў көлемин және де арттырыў зәрүрлиги атап өтилди. Буннан тысқары, мазут ҳәм көмир еки жылға бажы төлемлеринен азат етилетуғыны, көмир импорты ушын үш жыл мүддетке револьвер кредитлер берилетуғыны белгиленди.
Октябрь-декабрь айларында пайдаланыўшыларға 163 мың тонна суйылтырылған газ жеткерип бериў тапсырылды. Сондай-ақ, ўәлаят ҳәкимлерине 300 ден аслам алыс мәҳәлле ушын көмир, суйылтырылған газ ҳәм тийкарғы түрдеги азық-аўқат резервлерин жаратыўға тапсырма берилди.
Гүзги-қысқы мәўсимде халықты ыссылық ҳәм ишимлик суўы менен кепилликли тәмийинлеў ушын қазанхана, қазан ҳәм ыссылық тармақларын жақсылаў, суў тармақлары ҳәм насосларын оңлаў ўазыйпалары белгилеп алынды.
Мәжилис даўамында тармақ ҳәм аймақлар басшыларының есабатлары тыңланды.
ӨзА