Президент Шавкат Мирзиёев 7-июнь күни пайтахтымыздың Яккасарай ҳәм Яшнабад районларына барып, жәмийетлик қәўипсизлик ҳәм спорт тараўларындағы жаңа объектлер ҳәм мәҳәллелерде алып барылып атырған дөретиўшилик жумыслары менен танысты.

Мәмлекетимиз басшысы дәслеп Ишки ислер министрлиги Жәмийетлик қәўипсизлик департаментиниң Муўапықластырыў ҳәм мониторинг етиў орайын барып көрди.

Бул орай Өзбекстан Республикасында жәмийетлик қәўипсизликти тәмийинлеў системасын раўажландырыў стратегиясы шеңберинде шөлкемлестирилген. Комплекс ири оңланып ҳәм заманагөй үскенеленип, усы жылы марта иске қосылған.

Орай жәмийетлик қәўипсизлик процесслерин қамтып алған бирден-бир мәлимлеме мәканы болып есапланады. Бул жерде орынлардағы жағдай ҳәм хызметкерлердиң ҳәрекети санлы технологиялар арқалы талланып барылады. Атап айтқанда, 10 мыңнан аслам профилактика инспекторларының жумысы 6 бағдар бойынша қадағаланады ҳәм баҳаланады.

Онда «Е-Жәмийет қәўипсизлиги», «Е-социаллық жағдай» сыяқлы бағдарламалар, жол ҳәрекети қәўипсизлиги, ҳуқықбузарлықлар профилактикасы ҳәм жәмийетлик тәртипти сақлаў хызметлериниң бирден-бир мәлимлеме системалары ҳәм 6 мыңнан аслам «ақыллы» бақлаў камералары интеграциясы қолайлы болмақта. Сондай-ақ, орайда видеобайланыс арқалы профилактика инспекторлары, жол патруль, пост патруль ҳәм пробация хызметкерлери ушын аралықтан оқыўлар өткериледи. Ғалабалық илажларды моделлестириў арқалы стандарт емес жағдайларда дурыс қарар қабыллаў ҳәм оператив илажлар көриў үйретиледи.

Мәмлекетимиз басшысы бул мәселеге айрықша итибар қаратып, тараў хызметкерлери жоқары технологияларды жақсы билиўи керек екенин атап өтти.

Бүгинги күнде барлық тараўларда жасалма интеллекттиң орны кеңейип бармақта. Инсанларға қолайлық жарататуғын бағдарламалар менен бирге кибержынаятшылық, алдаўшылық усыллары да көбеймекте. Бундай жынаятлардың алдын алыў, анықлаў ҳәм жәриялаў ушын ишки ислер хызметкери оннан да алдын, шаққан болыўы керек.

Сол себепли орайдағы ушырасыўға ҳуқық-үгит-нәсият уйымлары жанындағы жоқары оқыў орынларының ректорлары мирәт етилди. Олардағы оқыў бағдарламаларын усы көзқарастан жетилистириў, дуал билимлендириў системасын енгизиў, сабақлар ҳәм илимий жумыслардың өмир менен үйлеслилигин тәмийинлеў зәрүр екени атап өтилди.

Ишки ислер министрлигинде ушыўшысыз қурылмаларды қолланыў бойынша структура шөлкемлестириў ўазыйпасы қойылды. Жынаятшылық профилактикасын күшейтиў, ғалабалық илажлар қәўипсизлигин тәмийинлеў бағдарында қосымша тапсырмалар берилди.

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2021-жыл 29-ноябрьдеги пәрманы менен тастыйықланған жәмийетлик қәўипсизлик бойынша стратегияда 2025-жылдың ақырына шекем системаны санластырыўды 90 процентке жеткериў белгиленген. Сапар ўақтында мәмлекетимиз басшысына бул бағдарда мәлимлеме берилди.

Бул процесс үш басқышта әмелге асырылмақта.

Биринши басқышта машқалалар үйренилип, екиншисинде усы тийкарда қәнигелер ҳәм бағдарламалар таярланды. Соның ишинде, 66 мәлимлеме системасы ҳәм модульлери ислеп шығылды. Оларға министрликлер ҳәм уйымлардың 77 ҳәм Ишки ислер министрлигиниң 25 мәлимлеме системасы интеграцияланды. Жәмийетлик қәўипсизлик бөлимлери хызметкерлериниң 18 мыңнан асламы планшетлер менен тәмийинленди ҳәм санлы қурылмалардан нәтийжели пайдаланыў бойынша оқытылды.

Нәтийжеде 155 есабат, 37 ис жүргизиў тараўы, жүзге шамалас дизимге алыў ҳәм топланған материаллар санластырылған. Буның есабынан 213 миллиард сум үнемлениўине ерисилген.

Енди үшинши басқышта Мағлыўматларды қайта ислеў орайы шөлкемлестирилип, тараўға жасалма интеллектти кеңнен енгизиў, үскенелерди локализациялаў сыяқлы мақсетлер қойылған.

Усы жерде ишки ислер системасында қолланылып атырған заманагөй техника ҳәм инвентарьлар таныстырылды.

Буннан кейин Президент Шавкат Мирзиёев пайтахтымыздың Яккасарай районында қурылған суў спорты сарайын көзден өткерди.

Өзбекстан Кәсиплик аўқамлары федерациясына тийисли бул комплекс суў спорты раўажланған мәмлекетлер тәжирийбеси тийкарында қурылған. Итибарлысы, бул жерде ҳәм профессионал спортшылар, ҳәм ҳәўескерлер ушын шараят жаратылған.

50 метрлик бассейн ҳәм 500 орынлық тамашалаў орнына ийе үлкен залда халықаралық көлемдеги жарыслар, сайланды командамыздың оқыў-шынығыў жыйынларын өткериў ушын заманагөй шараятлар бар. Бийикликтен секириў ҳәм киши бассейнлерде балалар суў спортын үйренеди.

Комплексте жаслар, мийнет жәмәәтлери ҳәм ветеранлардың саламатлықларын беккемлеў мүмкин. Ол бир ўақыттың өзинде 100, бир күнде мыңнан аслам өз алдына хызмет көрсетиў қуўатлылығына ийе.

Екинши қабатта администрация ҳәм тренерлер ханасы, конференция залы, тренажёр ханасы ҳәм спорт шолыўшылары ушын арнаўлы ханалар жайласқан.

Комплекс негизинде Суў спорт мектеби шөлкемлестирилген. Мәмлекетимиз басшысы бул жерде жас спортшылардың шынығыўларын бақлады. Олардың умтылысларын қоллап-қуўатлап, үлкен жетискенликлерге руўхландырды.

Усы жылы Париж қаласында өткерилетуғын жазғы Олимпиада ҳәм Паралимпия ойынларына Өзбекстан Кәсиплик аўқамлары федерациясы системасынан 13 спортшы лицензияны қолға киргизген. Президентимиз бул спортшылар ҳәм тренерлер менен сәўбетлести.

– Қала-аўылларда спорт комплекслерин қурып, оны ғалаба ен жайдырыўға үлкен итибар берип атырмыз. Себеби спорт пенен шуғылланған жаслар кем болмайды, саламат болады, балаларды да усындай етип тәрбиялайды. Сиз сыяқлы профессионал спортшылар бул жолда жасларға ҳәм мақтаныш, ҳәм үлги болады, – деди Шавкат Мирзиёев.

Президент Шавкат Мирзиёев пайтахтымыздың Яшнабад районындағы Дилбоғ мәҳәллесинде де болып, халықтың турмыс шараяты менен жақыннан танысты.

Мәҳәлледе 5 мың 200 ден аслам халық жасайды. 26 көп қабатлы турақ жай, мектеп ҳәм бақшалар, саўда шақапшаларының әтирапы абат етилген.

Елимизде ҳәр бир мәҳәлле қәнигелесиўинен келип шығып раўажландырылмақта. Дилбоғлылар тийкарынан исбилерменлик ҳәм өнерментшилик пенен шуғылланады. 15 саўда ҳәм хызмет көрсетиў шақапшысы, бир өндирис кәрханасы, билимлендириў мәкемелеринде халық турақлы жумыс пенен бәнт.

Өткен жылы халықты исбилерменликке тартыў ушын 13 жойбарға кредит ажыратылған. 300 ге шамалас пуқара жаңа жумысқа жайластырылған. Жасларды кәсипке үйретиў ушын моноорай шөлкемлестирилген.

Мәмлекетимиз басшысы мәҳәлледеги қурылыс ҳәм абаданластырыў жумысларын көзден өткерди.

Өзбекстан Футбол ассоциациясы жанындағы Ташкент қалалық футбол академиясы усы мәҳәлледе жайласқан. Заманагөй комплексте жабық ҳәм ашық спорт майданлары, теориялық шынығыў ханалары, жатақхана, асхана ҳәм китапхана бар. Ҳәзир бул жерде 12 жастан 18 жасқа шекемги 154 бала билим алмақта. Шынығыўларға сырт елли қәнигелер де тартылған. Стадионлар жақтыландырыў ҳәм сүўретке алыў қурылмалары менен үскенеленген.

Президент академия тәрбияланыўшылары ҳәм спорт тараўының жуўапкерлери менен сәўбетлести.

– Футбол бойынша қарарларымыз, қәбилетли балаларға итибар бергенимиз себепли өзбек футболы да дүнья жүзине шыға баслады. Европа командаларында легионерлеримиз көбейип атыр. Жасларымыз Олимпиадаға жоллама алды. Бул даўамлы болыўы ушын енди мәҳәллелерде футболды раўажландырыў керек. Қосымша стадионлар қурып, оның ғалабалылығын қоллап-қуўатлаў зәрүр, – деди Шавкат Мирзиёев.

Усы мәҳәлледеги суў спорты сарайының оңланыўы да көзден өткерилди. Оның мәмлекетлик-жеке меншик шериклик тийкарында турақлы жумыс ислеўи бойынша көрсетпе берилди.

Зиёдулла ЖОНИБЕКОВ,

Икром АВВАЛБОЕВ,

ӨзАның хабаршылары