Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы А.Орынбаевтың басшылығында Шымбай районында исбилерменлик жойбарларын қоллап-қуўатлаў ҳәм жаңа жойбарларды иске түсириўде ушырасып атырған машқалаларды анықлаў ҳәм оларды сапластырыў бойынша Тахтакөпир, Қараөзек, Шымбай ҳәм Кегейли районларындағы исбилерменлер менен ушырасыў болып өтти.
Онда инвестициялық жойбарларды иске түсириў, локализацияластырыў бағдарламасына киргизилген ҳәм экспортёр кәрханаларға әмелий жәрдемлер көрсетиў, санаат өнимлерин ислеп шығарыўшы кәрханалардың толық қуўатлылықта ислеўин тәмийинлеў мәселелери талқыланды. Президентимиздиң басшылығында елимизде исбилерменликти және де раўажландырыў, олар ушын барлық қолайлы шараятларды жаратыў бағдарында кең көлемли реформалар әмелге асырылмақта. Тек ғана Қарақалпақстан ушын қабыл етилген тарийхый пәрман ҳәм қарарлар бул бағдардағы илажлар көлемин жаңа басқышқа көтермекте.
Ушырасыўда айырым тараў жуўапкерлериниң өз жумысына немқурайдылық пенен қараўы ҳәм басқа да себеплерге байланыслы ушырасып атырған машқалалар бойынша жақыннан пикирлесилди. Ҳәр қандай инвестициялық жойбар, өндиристи ҳәм санаатты раўажландырыў бойынша жойбарлар Президентимиз тәрепинен бәрқулла қоллап-қуўатланатуғынлығы Жоқарғы Кеңес Баслығы тәрепинен айрықша тилге алынды. Илаж даўамында бүгинги күнде исбилерменлерди қыйнап киятырған машқалалар тыңланып, билдирилген мүрәжатлардың басым көпшилигине орнында шешимин табыў илажлары көрилди. Ўақыт талап етилетуғын мүрәжатлар қадағалаўға алынып, тез пурсатта унамлы шешиў бойынша тийисли тараў басшыларына тапсырмалар берилди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги