Президент қарарына муўапық «Мийнеткеш дийқан» көкирек белгиси шөлкемлестирилди, деп жазады Әдиллик министрлигиниң «Ҳуқуқий ахборот» каналы.

«Мийнеткеш дийқан» көкирек белгиси менен егислик жерлердиң өнимдарлығын арттырыў бойынша салмақлы жумысларды әмелге асырып киятырған дийқан хожалықларының басшылары, ағзалары, дийқанлар ҳәм басқа аўыл хожалық тараўының хызметкерлери сыйлықланады.

Көкирек белгиси менен сыйлықлаў бойынша усыныслар аўыл хожалығы бөлими, пуқаралардың өзин-өзи басқарыў органларының жумысларын муўапықластырыў бойынша районлық кеңеси ҳәм мәкан пуқаралар жыйынлары менен биргеликте районлық фермер, дийқан хожалықлары ҳәм мөлдек жер ийелери кеңеси тәрепинен қәлиплестириледи.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги