Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев республикамыздағы бир қатар алдыңғы исбилерменлер менен ушырасты.

Онда дәслеп соңғы жыллары елимизде исбилерменликти раўажландырыў бойынша әмелге асырылып атырған илажлар, бул бағдарда қысқа ўақыт ишинде тек ғана Қарақалпақстан ушын қабыл етилген пәрман ҳәм қарарлар тийкарында бизнес орталығын жақсылаў, инвестиция тартымлылығын арттырыў бойынша өзгерислер жүз берип атырғанлығы атап өтилди.

Ушырасыўда исбилерменликти раўажландырыўды буннан былай да  қоллап-қуўатлаў бағдарында Исбилерменлер кеңесин дүзиў усынысы мақулланды. Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының исбилерменликти раўажландырыў мәселелери бойынша кеңесгөйи Жолдасбай Есмурзаев кеӊес баслығы етип сайланды.

Кеңес дүзиўден тийкарғы мақсет,  исбилерменлер менен тығыз байланысларды жолға қойыў, оны буннан былай да раўажландырыў бойынша тийисли усынысларды ислеп шығыў, машқалаларға биргеликте шешим табыў, жаслардың ҳәм басламашы исбилерменлердиң Start-up жойбарларын әмелге асырыўына жәрдемлесиў, таяр жойбарларға инвесторларды тартыў ҳәм олар ушын перспективалы жойбарларды ислеп шығыў, бизнес туризмин жолға қойыў сыяқлы әҳмийетли ўазыйпалардан ибарат.

Әлбетте, жаңа Кеңестиӊ дүзилиўи исбилерменлик орталығын жақсылаў ҳәм оныӊ раўажланыўы жолында әҳмийетли қәдемлердиң бири болары сөзсиз.

Қарақалпақстан хабар агентлиги