Президент Шавкат Мирзиёевқа мәмлекетимизде санлы технологияларды раўажландырыў, бул тараўда жасларды ҳәм жойбарларды қоллап-қуўатлаў илажлары бойынша мәлимлеме берилди.

Мәмлекетимиз басшысы бул ҳаққында өткен жылы 20-декабрь күни Санлы технологиялар министрлигине сапары барысында тапсырма берген еди.

Соңғы жыллары бул тараў оғада тез раўажланып, қәнигелер ҳәм хызметлер көбейип бармақта. Атап айтқанда, 2017-жылы мәмлекетимизде IT компанияларының саны 147 болған болса, бүгинги күни 2 мыңға шамаласты. Оларда 30 мың хызметкер жоқары дәраматлы жумыс пенен бәнт. 70 мыңнан аслам жаслар IT менен еркин шуғылланбақта.

Усы жылдың өткен төрт айында тараўдағы хызметлердиң көлеми 20 процент өсти, 200 миллион долларлық экспорт етилди, 5 мың жумыс орны жаратылды.

Бирақ, аймақлар кесиминде қарағанда, IT хызметлери ҳәм экспортының тийкарғы үлеси Ташкент қаласына туўра келеди. Қәнигелердиң 80 проценти усы жерде жасайды.

Соның ушын, бул тараўды шетки аймақларда раўажландырыў мақсетинде, IT-қалашаларды шөлкемлестириў режелестирилген.

Жойбарға бола, бундай орынлар дәслеп 15 аймақта – Шымбай, Ғиждуван, Замин, Шараф Рашидов, Фориш, Хатирчи, Поп, Шаҳрисабз, Қўшработ, Сариосиё, Сирдарё, Паркент, Тошлоқ ҳәм Топыраққала райоынлары ҳәм Ханабад қаласында шөлкемлестириледи. Оларда жылына 10 мыңға шамалас жаслар IT, шет  тили ҳәм басқа заманагөй кәсиплер бойынша бийпул оқытылады.

Президентимиз қалашалар жаслар ушын қолайлы орында болыўы, оларда жоқары маман қәнигелер сабақ бериўи керек екенин атап өтти.

– Тез пәт пенен өзгерип атырған дәўирде барлық тараўға мәлимлеме технологияларын билетуғын кадрлар керек. Бул тараўда хызметлер ушын да, экспорт ушын да ең тийкарғы ресурс бул – маман қәнигелер. IT-қалашалар бул жолда жасларға қанат болатуғын, заманагөй қасиплерге үйрететугын система болыўы керек, – деди Шавкат Мирзиёев.

Раўажланған мәмлекетлердиң IT санаатын раўажаландырыўға стартапларын қоллап-қуўатлаўден кеңнен пайдаланылады. Мәмлекетимизде де бундай жойбарлар бойынша таңлаўлар өткерилип келинбекте. Бирақ, бул бағдарда ашық-айдынлықты арттырыў, жойбарларға нәтийжелилик тийкарында грант ажыратыў зәрүрлиги бар.

Соның ушын IT билимлендириў ҳәм дәстүрий өним бағдарындағы жойбарлар бойынша 1 миллиард сумға шекемги стартаплар таңлаўын IT-парк арқалы өткериў усыныс етилмекте.

Мәмлекетимиз басшысы бул таңлаўда да, “President Tech Award” сыяқлы, абырайлы халықаралық компаниялар тәрепинен баҳалаўды жолға қойыў зәрүрлигин атап өтти.

Жасалма интеллект бағдарламаларын жаратыў ҳәм қолланыў бойынша да нәтийжели жумыс алып барылмақта. Атап айтқанда, биометрикалық идентификациялаў ушын “My ID” системасы раўажландырылды. Бүгинги күнде 28 банк ҳәм 5 мәмлекетлик шөлкем усы системаға жалғанды. Ол арқалы 8 миллион 200 мыңнан аслам пайдаланыўшы дизимнен өтти.

“Muxlisa” атамасындағы өзбек тилиндеги даўыслы жәрдемши ислеп шығылмақта. Бул қолланбаны түрли заманагөй техника қуралларына орнатыў мөлшерленген.

Санлы технологиялар тараўын жаңа басқышқа алып шығыў мақсетинде жасалма интеллект ҳәм космослық жумысқа байланыслы нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлерди жетилистириў ўазыйпасы қойылды.

Сондай-ақ, презентацияда Бирден-бир коммуналлық хызметлер платформасын енгизиў бойынша да мәлимлеме берилди. Бул онлайн платформа арқалы тутыныўшылар 8 коммуналлық шөлкем хызметлери ушын төлемлерди әмелге асырыўы мүмкин болады. Онда 14 тен аслам уйымлардың мағлыўматларын бир ноқатта жәмлеў ҳәм автоматластырылған  түрде бөлистириў имканияты пайда болады.

ӨзА