Ҳүрметли Форум қатнасыўшылары!
Ханымлар ҳәм мырзалар!
Бәринен бурын, сиз әзизлерди – дүньяның алыс ҳәм жақын регионларынан келген ҳүрметли мийманларымызды Азия ҳаял-қызлар форумының ашылыўы мүнәсибети менен қызғын қутлықлайман.
Сизлерди ески ҳәм нәўқыран Самарқанд қаласында қызғын қутлықлаў ҳәм өзимниң жоқары ҳүрметим ҳәм жақсы тилеклеримди жоллаўдан оғада қуўанышлыман.
Бул басламамызды жедел қоллап-қуўатлап атырған Бирлескен Миллетлер Шөлкеми Бас Хаткери мырза Антониу Гутерришке, конференцияны биргеликте шөлкемлестирип, онда тиккелей қатнасып атырған БМШ Бас хаткериниң орынбасары, «БМШ – ҳаял-қызлар» структурасының атқарыўшы директоры Сима Сами Бахус ханым, БМШтың Женевадағы бөлимшеси баслығы мырза Чунгонгқа өзимниң терең миннетдаршылығымды билдиремен.
Бүгинги Форумда халықаралық шөлкемлер ҳәм Азия мәмлекетлери парламентлериниң басшылары, сенатор ҳәм депутатлар, ҳүкиметлердиң ағзалары, сондай-ақ, пуқаралық жәмийети институтлары, көплеген исбилермен ҳәм илимпаз ҳаял-қызлар қатнасып атырғанын үлкен қанаатланыўшылық пенен атап өтиўди қәлер едим.
Сизлердиң ҳәрекетиңиз бенен елимизде биринши рет өткерилип атырған халықаралық конференция ҳаял-қызлардың жәмийетлик-сиясий, экономикалық, мәдений-гуманитарлық тараўлардағы белсендилигин және де арттырыў, өз-ара тәжирийбе алмасыў ҳәм дослық бирге ислесиў байланысларын беккемлеўге мүнәсип үлес қосады, деп исенемен.
Ҳүрметли илаж қатнасыўшылары!
Бүгинги күнде дүнья жүзинде жедел раўажланып атырған Азия континентиниң барлық мәмлекетлери ҳәм халықлары әсирлер даўамында бирден-бир кең мәканда үйлесикли ҳәм аўызбиршиликте раўажланып, түрли тараўларда тығыз бирге ислесиў байланысларын алып барған.
Уллы Жипек Жолының саўда кесилиспесинде жайласқан Орайлық Азия регионы мың жыллар даўамында түрли мәдениятлар ҳәм цивилизациялардың раўажланыўы ушын қүдиретли күш бағышлаған, жоқары улыўма инсаныйлық қәдириятлардың үлкен руўхый бесиги болған.
Кейинги жылларда Жаңа Өзбекстан Азия континентиниң де барлық мәмлекетлери менен узақ мүддетли, кең көлемли ҳәм өз-ара пайдалы байланысларды избе-из тереңлестирип барыўға тийкарғы әҳмийет қаратып атырғаны әлбетте, бийкарға емес.
Планетамыз халқының ярымынан көби жасап атырған Азия мәмлекетлери Турақлы раўажланыў мақсетлерине толық ерисиў, гендер теңликти тәмийинлеў, ҳаял-қызлардың ҳуқықларын қорғаў, олардың мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик басқарыўдағы роли менен тәсирин кескин арттырыў бағдарында салмақлы жетискенликлерди қолға киргизбекте.
Бизиң мәмлекетимизде де ҳаял-қызлар жәмийетимиздиң ажыралмас буўыны болып, олардың ҳуқықлары менен мәплерин толық тәмийинлеў, аналық ҳәм балалықты қорғаў мәселелери жаңадан қабыл етилген Конституциямыз, «Өзбекстан – 2030» стратегиясы ҳәм Өзбекстан Республикасында гендер теңликке ерисиў стратегиясы сыяқлы концептуаллық ҳүжжетлерде өзиниң толық көринисин тапқан.
Кейинги жети жылда Өзбекстанда ҳаял-қызлардың мәмлекетлик басқарыўдағы үлеси 27 проценттен 35 процентке көтерилди. Олий Мажлис Нызамшылық палатасы депутатларының 32 процентке көтерилди. Олий Мажлис Нызамшылық палатасы депутатларының 32 проценти, Сенат ағзаларының 25 проценти ҳаял-қызлардан ибарат. Бүгин ҳәр бир мәҳәллемизде де олардың өз ўәкиллери бар.
Исбилермен ҳаял-қызлардың қатары еки есеге кеңейип, өз бизнесин жолға қойған ҳаял-қызлар саны 205 мыңнан артты. Жүз мыңлаған ҳаял-қызлар кәсип-өнер ҳәм исбилерменликке оқытылды. Ярым миллионға шамалас қарындасларымыз жумыс пенен тәмийинленди. Ҳәзирге күнде жоқары оқыў орынларында билим алып атырған студентлердиң ярымынан асламын қызлар қурамақта.
Бул бағдарда алып барып атырған системалы илажларымыз халықаралық жәмийетшилик тәрепинен де мүнәсип тән алынбақта. Атап айтқанда, Жәҳән банки индексинде Өзбекстан гендер теңлик тараўында дүнья жүзиндеги ең тез раўажланып атырған 5 мәмлекет қатарында тән алынғаны, ашық гендер мағлыўматлар индексинде ең жақсы 20 мәмлекет қатарынан орын алғаны бизге айрықша қанаатланыўшылық бағышлайды.
Қәдирли дослар!
Биз Жаңа Өзбекстанда ҳаял-қызлардың экономикалық имканиятларын кеңейтиў, басшылық қәбилетин ҳәм исбилерменлик потенциалын толық жүзеге шығарыў, оларға заманагөй билим бериў, кәсип-өнерге үйретиў ҳәм бәнтлигин тәмийинлеў, жәрдемге мүтәж ҳаял-қызлардың машқалаларын системалы шешиў бойынша баслаған үлкен жумысларымызды буннан кейин де избе-из даўам еттиремиз.
Бүгинги тарийхый өзгерислердиң белсене қатнасыўшысы болып атырған ҳүрметли ҳаял-қызларымыз – артқа қайтпайтуғын түрге ийе демократиялық реформаларымыз ҳәм жедел раўажланыўымызды әмелге асырыўда дөретиўши күш, биз қурып атырған әдил ҳәм тынышлықты сүйетуғын, көп миллетли және абат мәмлекеттиң беккем тийкары болып есапланады.
Сизлер бул Форумды ҳәр еки жылда өткерилетуғын дәстүрий сөйлесиў майданына айландырыў бойынша усынысларымызды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлайсыз, – деп ойлайман.
Бүгинги форум нәтийжесинде қабыл етилетуғын Самарқанд декларациясы тийкарында келешекте Бирлескен Миллетлер Шөлкеми Бас Ассамблеясының «Азия ҳаял-қызларының социаллық-экономикалық, сиясий-ҳуқықый ҳәм мәдений-гуманитарлық белсендилигин арттырыў ҳаққында»ғы резолюциясының қабыл етилиўи бәршемиздиң бул бағдардағы ийгиликли умтылысларымыздың жарқын әмелий көриниси болады.
Пурсаттан пайдаланып, бәршеңизге және бир мәрте беккем денсаўлық, бахыт ҳәм әўмет, Форумның жумысына үлкен табыс тилеп қаламан.
Шавкат МИРЗИЁЕВ,
Өзбекстан Республикасы Президенти