Усы жыл 21-24-июнь күнлери аралығында Қырғызыстан Республикасының Ыссық-көл қаласында спорттың дзюдо түри бойынша Азия ашық кубоги өткерилген еди, оған жерлеслеримиз Гүлнур Муратбаева ҳәм Нилуфар Ермагамбетовалар табыслы қатнасып,  биринши орынды ийелеп қайтты.

Усы мүнәсибет пенен 27-июнь күни Нөкис темир жол вокзалында спортшыларды салтанатлы жағдайда күтип алыў мәресими өткерилди.

Оған спортшылардың ата-аналары, тренерлери, дослары ҳәм ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты.

Дүньяның 20 ға шамалас мәмлекети қатнасқан.  Азия ашық кубогинде Гүлнур Муратбаева 44 киллограм салмақ категориясында, ал Нилуфар Ермагамбетова болса 52 киллограм салмақ категориясында қатнасты.

Соны да айрықша айтып өтпекшимиз, бул еки спортшы усы жыл 10-13-май күнлери аралығында Ливан мәмлекетиниң Бейрут қаласында спорттың дзюдо түри бойынша 2000-2001-жыллары туўылған жаслар ҳәм қызлар арасында өткерилген Азия чемпионатында Нилуфар Ермағанбетова бириншиликти ийелеп, усы жылы Аргентина мәмлекетиниң Буэнос Айрес қаласында өткерилетуғын III Жаслар олимпиадасына қатнасыў ушын жолламаны қолға киргизди. Нилуфар усы жетискенлиги нәтийжесинде Қарақалпақстан Республикасынан дзюдо бойынша қатнасатуғын биринши спортшы қызға айланды. Сондай-ақ, усы Азия чемпионатында 1998-1999-жыллары туўылған жас өспиримлер ҳәм қызлар арасында жерлесимиз Гүлнур Муратбаева  44 кг салмақта бириншиликти ийелеп, усы жыл октябрь айында болып өтетуғын Жәҳән чемпионатына жолламаны қолға киргизген еди.

-Азия ашық кубогынде қарсыласларым қырғызыстанлы ҳәм қазақстанлы спортшылар болды. Әўмет күлип бағып, елимиз байрағы бәлент желбиреди. Халқымның исенимин ақлай алғанымнан қуўанышлыман, – дейди Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң студенти, бирнеше мәрте Азия ҳәм Өзбекстан чемпионы болған Гулнур Муратбаева. – Спорттың дзюдо түри менен 10 жылдан берли шуғылланып келемен. Жетискенликке ерисиўимде тренерлерим Алишер Мамутов ҳәм Байрам Сатуллаевлардың мийнетлери көп.

Т.СЕЙТНАЗАРОВА,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы