21-23-июнь күнлери аралығында жәмлеспеген жаслар арасында спорттың 8 түри бойынша «Жаслар спартакиадасы» болып өтти, деп жазады район ҳәкимлигиниң рәсмий сайты.

 

 

Жарысты район ҳәкиминиң орынбасары Б.Меңлибеков ашып берди. Спартакиадада жаслар спорттың киши футбол, гүрес, баскетбол, волейбол, стол тенниси, шахмат, шашка ҳәм бадминтон түрлери бойынша өз ара күш сынасты.

 

 

Жарыс жуўмағында жеңимпазларға Өзбекстан жаслар аўқамы Мойнақ районлық Кеңеси тәрепинен таярланған саўғалар, кубоклар ҳәм ҳүрмет жарлықлары тапсырылды.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги