Жәмийеттиң қос қанаты, руўхый қуўаты мәнаўият ҳәм билим болып болып есапланады. Оның халық санасына сиңдирилиўи болса, үлкен әҳмийетке ийе. Соның ушын елимизде жазыўшы-шайырлар, журналистлер ҳәм көркем өнер тараўы хызметкерлери тәрепинен руўхый-ағартыўшылықты үгит-нәсиятлаў бойынша кең көлемли жумыслар алып барылмақта.
Кегейли районындағы 1-санлы улыўма орта билим бериў мектебинде «Мәрипат таратып» жойбары тийкарында саз-сәўбетли әдебий кеше болып өтти.
Илажға Өзбекстан Республикасында хызмет көрсеткен мәденият хызметкери, белгили шайыр Бабур Бобомурод, Қарақалпақстан халық шайыры, «Әмиўдәрья» журналының бас редакторы Халила Даўлетназаров, мектеп жәмәәти ҳәм оқыўшылар қатнасты.
Кешеде Бабур Бобомурод ҳәм Халила Даўлетназаровлар шығып сөйлеп, әдебият, мәденият ҳәм руўхыйлықтың халқымыз турмысында тутқан орны, соңғы жыллары елимизде жаслар арасында китапқумарлықты кеңнен ен жайдырыў менен оларды қоллап-қуўатлаў бойынша алып барылып атырған илажлар ҳаққында айтып берди. Шайырлар өзлериниң ана-Ўатан ҳәм дослықты жырлаўшы жаңа қосықларынан оқып, мектеп жәмәәтиниң алғысына миясар болды.
Сондай-ақ, кешеде көркем әдебиятқа қызығыўшы жас дөретиўшилер тәрепинен мийманларға сораўлар берилип, бул бойынша пикир-усыныслар билдирилди.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги.