Өзбекстан сыртқы ислер министри Бахтиёр Саидов бүгин Филипинниң «Liwayway Group» компаниясы директорлар кеңесиниң тийкарын салыўшысы ҳәм баслығы Карлос Чан басшылығындағы делегацияны қабыллады, деп хабар бермекте «Дунё» МА хабаршысы.

«Бүгин Сыртқы ислер министрлигинде «Liwayway Group» компаниясы директорлар кеңесиниң тийкарын салыўшысы ҳәм баслығы мырза Карлос Чан ҳәм оның топары менен ушырасқанымыздан қуўанышлымыз, – деп жазды Өзбекстан СИМ басшысы өзиниң telegram каналында. – Филиппиндеги досларымызға мәмлекетлеримиз арасындағы байланысларды беккемлеўге қосып атырған үлеси ушын миннетдаршылық билдиремиз. Сондай-ақ, Өзбекстан-Филиппин бирге ислесиўиниң көплеген перспективалы бағдарларын додаладық».

Еслетип өтемиз, сыртқы ислер министри Бахтиёр Саидов 2017-2021-жылларда Өзбекстанның Қытайдағы, бир ўақыттың өзинде еки жумысты қосып алып барыў тийкарында Монголия ҳәм Филипиндеги Айрықша ҳәм Толық ҳуқықлы елшиси сыпатында жумыс алып барған.

Қарақалпақстан хабар агентлиги