Халқымызға миллий мийрасларымызды жеткериўди, үрп-әдетлеримиздиң сап ҳалында сақланып қалыўына үлкен үлесин қосқан әдиўли устаз, музей пидайысы Светлана Нурабуллаеваның аты музей менен бирге тилге алынады.

Ол 1954-жылы 20-апрель күни Нөкис қаласында халқымыздың өтмишин қадирлеўши зиялылар шаңарағында дүньяға келди. Әкеси Нурабуллаев Садулла ел хызметинде, ал анасы Турдыбекова Арзыбийке медицина тараўында мийнет еткен. Ата-анасының мүнәсип тәрбиясын ақлаған әдиўли перзент болып камалға келди. 1971-жылы орта оқыў орнын питкергеннен кейин, 1976-жылы Қарақалпақ мәмлекетлик педагогикалық институтының (ҳәзирги   Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты) рус тили ҳәм әдебияты қәнигелигин тамамлады. Илимниң сырлы жолы Светлана ушын жүдә қызықлы болып, өмир жолын илимге бағышлаў мақсетинде 1976-жылы Өзбекстан Илимлер Академиясы Қарақалпақстан бөлиминде жумыс ислеп  баслады.

Қарақалпақ халқының мәдений мийрасы, миллий кийиниў мәденияты, үрп-әдети, пайдаланылған  буйымлары, олардың қандай пайда болыўы, ислениў техникалары, кесте ҳәм безеўлердиң келип шығыў тарийхы, қандай мәнилерге ийе екенлигин үйрениў Светлана ушын қызықлы ҳәм сырлы жумбақлар еди. Усы қызығыўшылық оны музей есиклерине қарай жетеледи ҳәм  Қарақалпақ мәмлекетлик үлкетаныў музейине жумысқа киреди. Себеби  бул  жерде  қарақалпақ  халқының  миллий үрп- әдетлерин,  дәстүрлерин   терең   үйрениўге  имканиятлар  көп  еди.  Ата-бабаларымыздың  миллий  ҳәм   мәдений  мийрасларын,  миллий мәнаўиятларын  қәдирлеп  сақлап,  оларды   қайта  тиклеп,  келешек  әўладқа жеткериўде  40 жыл  даўамында  күш жигерин, мийнетин бағышлаған пидайы қарақалпақ қызы болды.

Музейдиң   жумысларын   еле де  жақсылаў  мақсетинде  Өзбекстан Республикасының  биринши   Президенти   Ислам  Каримовтың   “Музейлер ҳаққындағы”   қарар ҳәм  пәрманларын  басшылыққа  алып  музейде  ең  биринши рет “Үлке таныў музейи” атамасында көрсеткиш  (путеводител) ҳәм буклетлер ислеп   шығарды.   Тынып -тыншымай  ислеген  жумыслары нәтийжесинде  1987-жылы  Өзбекстан  көлеминде  өткерилген  аттестация  комиссиясы  баҳалаўы  менен  Светлана  Нурабуллаева  музей  бас сақлағышы  лаўазымына өткерилди.  Ал, 1989- жылы  музей директорының  илимий ислер бойынша   орынбасары  болып  сайланды  ҳәм  жемисли  хызмет етти. 2001-жылы  музейде бирге ислеген кәсиплеслериниң усынысы менен  Қарақалпақстан  Мәмлекетлик   Үлке таныў музейи директоры  лаўазымына тайынланды ҳәм бул жуўапкерли лаўазымда  15 жыл даўамында  жумыс алып барды. Музей тараўында  40 жыл хызмет  етип,  қаншадан қанша  инсанлар  менен кәсиплес болып, тараўды раўажландарыўға үлес қосты. Қалбай Шанназаров,  Атағулла Худайбергенов,  Лидия Лигецкая,  Мақсет Камалов, Шерип Бабашев ҳәм басқа да устазлардан үйренгенлери көп болды.   Музейдиң 75 ҳәм 80 жыллық юбилейлерин Республика көлеминде өткерилиўинде басшылық етти.

Светлана Нурабуллаеваның музейдеги мийнет жолы музейдиң ең қыйын дәўирине туўры келди. Сол қыйыншылық дәўирге қарамастан музей жумысын тоқтатпай даўам етип, қарақалпақ тарийхын сақланыўда, мәдениятын қәстерлеп абайлаўда, оларды келешек әўладқа жеткериўде, музей хызметкерлерине жумыс алып барыў ушын имканиятлар жаратыўда тынбай мийнет етти. Музейде көплеген ушырасыўлар, көргизбелер, фестиваллар шөлкемлестирди. Музейдиң илимий жағын жақсылаў, фондларды кеңейтиўде ҳәм  музей экспонатлары талапқа жуўап бермейтуғын шараятта турғанлығы себепли шет елден волонтёрлар шақырып реставрация ҳәм консервация жумысларын алып барды. Қарақалпақ миллий мәдениятына, тарийхына бағышланған илимий мақалалары менен сырт ел конференцияларында қатнасып, миллийлигимиздиң дүньяға танылыўына  өз үлесин қосты. Қарақалпақ мәмлекетлик үлкетаныў музейиниң (ҳәзирги Қарақалпақстан Республикасы тарийхы ҳәм мәденияты мәмлекетлик музейи) таза имаратының салыныўында, халқымыздың миллий мийрасы талапқа жуўап беретуғын шараятта әўладларға хызмет етиўи ушын елимизге белгили  архитектор Орынбай Төрениязов пенен биргеликте музейдиң заманагөй жаңа имаратының жойбарын иследи ҳәм қурылыс ислериниң басланыўына белсендилик етип ат салысты.

Светлана Нурабуллаеваның   өмириниң   бир бөлеги  болған  музейде ислеген  мийнетлери мәмлекетимиз тәрепинен  мүнәсип баҳаланып, ол  “Қарақалпақстанға  мийнети сиңген  мәденият хызметкери”  ҳурметли  атағы менен сыйлықланды.

Ол өмир жолы даўамында Амангелди Төремуратов пенен шаңарақ қурып еки ул, бир қызды камалға келтирип мүнәсип тәрбиялады. Ҳәзирги ўақытта перзентлери де елимиздиң ҳәр қыйлы тараўларында  хызмет етип келмекте.

Быйыл өзиниң 70 жасын қарсы алып атырған Светлана Нурабуллаева ҳәзирги ўақытта ҳүрметли дем алыста, шаңарақта ақлықлары тәрбиясы менен бәнт болған меҳрибан кемпир апасы.

Оның мийнет еткен Қарақалпақстан Республикасы тарийхы ҳәм мәденияты мәмлекетлик музейинде 70 жыллық юбилейине бағышланған   ушырасыў ҳәм көргизбе кешеси болып өтти. Онда елимизге белгили мәденият ҳәм көркем  өнер тараўы хызметкерлери, кәсиплеслери, шәкиртлери қатнасып,  юбилярдың дөретиўшилик жолы ҳаққында жақсы пикирлер билдирди. Ушырасыў кешеси саз-сәўбет пенен даўам етти.

Қарақалпақ халқының пидайы перзентиниң мийнет жолы  тараўда жумыс баслап атырған жасларға,  қызларымызға үлги болары сөзсиз.

Г.Турдышова,
Қарақалпақстан хабар агентлиги