Өзбекстан сыртқы ислер министри Бахтиёр Саидов 24-апрель күни Чилидиӊ мәмлекетимиздеги жаӊа елшиси етип тайынланған (резиденциясы Москва қаласында) Эдуардо Эскобардан исеним жарлықларын қабыл етип алды, деп хабар берди СИМ баспасөз хызмети.

Сәўбет барысында өз-ара қатнасықларды жеделлестириў, исбилерменлик байланысларын раўажландырыў, парламентлераралық қарым-қатнас, биргеликтеги саўда комиссиялары ҳәм бирге ислесиўдиӊ басқа жаӊа түрлерин жолға қойыў әҳмийетли екени атап өтилди.

Еслетип өтемиз, Өзбекстан ҳәм Чили арасында дипломатиялық қатнасықлар буннан шама менен 30 жыл алдын – 1994 -жыл 15-сентябрьде орнатылған. Чилидиӊ жаӊа елшиси Эдуардо Эскобар 64 жаста ҳәм ол тәжирийбели дипломат есапланады. Жаӊа елши өз мәмлекетиндеги СИМ орайлық аппаратында ҳәм Чилидиӊ Израиль, Кот-д`Ивуар, Аргентина, Канада, АҚШ, Австралия, Эквадор, Иордания ҳәм Саудия Арабстанындағы дипломатиялық ўәкилханаларында жумыс алып барған. 2021-жылдыӊ май айынан баслап Россиядағы елши лаўазымында жумыс алып бармақта. Ол инглиз, испан ҳәм француз тиллерин жақсы биледи.

ӨзА