Өзбекстан Халық демократиялық партиясы Орайлық Кеңеси тәрепинен республика жасларыныӊ онлайн форумы өткерилди.

Онда Қарақалпақстан Республикасынан партияның “Жаслар қанаты” белсендилери бағдарлама ҳәм жойбарларды жетилистириўде, жаңа басламаларды енгизиў, социаллық мәселелерге жаңаша шешимлер табыў бойынша өз пикир-усынысларын билдирди.

Форумнан соң, жаслар менен ислесиўди еле де күшейтиў, олар менен ашық пикирлесиў мақсетинде Өзбекстан Халық демократиялық партиясы Қарақалпақстан Республикалық Кеӊеси тәрепинен “Депутат ҳәм жаслар” атамасында ушырасыў өткерилди.



  

Илажда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиндеги ӨзХДП фракциясы ағзалары, партияның “Жаслар қанаты” белсенди ағзалары, Қарақалпақстан Республикалық партия Кеңесиниң жуўапкер хызметкерлери ҳәм ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты.

Илажды Өзбекстан ХДП Қарақалпақстан Республикалық Кеңеси баслығы, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиндеги ӨзХДП фракциясыныӊ басшысы Халилла Ешимбетов кирис сөзи менен ашты ҳәм партия кеңеслери, депутатлар тәрепинен алып барылып атырған жумысларға ҳәм партияның жаслар менен ислесиўдеги жумысына тоқтап өтти.

Атап өтилгениндей, мәмлекетимизде жаслардың ҳуқықлары менен мәплерин қорғаў, оларға мүмкиншиликлер жаратыў бойынша көплеген жаңалықлар болды. Беккем ҳуқықый база қәлиплестирилип, жаңаша система жаратылды. “Өзбекстан – 2030” стратегиясын “Жаслар ҳәм бизнести қоллап-қуўатлаў жылы”нда әмелге асырыўға байланыслы мәмлекетлик бағдарламасында зәрүр ўазыйпалар белгиленди.

Партия кеңеслери ҳәм депутатлар тәрепинен әмелге асырылған жойбарлар, ушырасыўлар ҳәм партия электораты болған социаллық қорғаўға мүтәж халық қатламы ўәкиллерин қоллап-қуўатлаў бағдарында “Депутат мәҳәлледе”, “Партия электораты ҳәмийше итибарымызда”, “Жасларға көмек”, “Меҳир көрсетейик”, “Үйме-үй”, “Нызамшылық жаслар көз-қарасында”, “Қатарымыздағы жаслар” атамасында әмелий илажлар өткерилип келмекте.

Сондай-ақ, бүгинги күнде мәмлекетимизде алып барылып атырған кең көлемли реформалар, соның менен бирге, жасларға жаратылып атырған мүмкиншиликлер, олардың өз басламаларын жүзеге шығарыўы ушын жаратылған шараятлар ҳаққында айтып өтилди.

Өзбекстан Халық демократиялық партиясының сайлаўалды бағдарламасында жасларды қоллап-қуўатлаў, олардың мәплерин қорғаў бойынша усынысларын ҳәм идеяларын алыў мақсетинде жаслар менен ашық ҳәм еркин пикирлесиўлер алып барылды. Өз гезегинде жаслар да пикир-усынысларын билдирип, өзлерин қызықтырған сораўларына жуўап алды.

Ушырасыў даўамында партия қатарына жаңадан қабыл етилген жасларға партия гүўалықлары, республика жаслары онлайн форумында қатнасқан барлық жасларға партияның Орайлық Кеңеси тәрепинен таярланған арнаўлы саўғалары салтанатлы турде тапсырылды.

Елимизде “Жасыл мәкан” улыўма миллий жойбары шеңберинде бәҳәрги терек нәллерин егиў жумыслары нәтийжели алып барылмақта ҳәм бул илажларда Өзбекстан Халық демократиялық партиясынан сайланған депутатлар, партия белсендилери ҳәм партияның “Жаслар қанаты” ағзалары белсендилик пенен қатнасып келмекте. Жойбар шеңберинде Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиндеги Өзбекстан Халық демократиялық партиясы фракциясыныӊ ағзалары, партияның Қарақалпақстан Республикалық Кеңесиниң жуўапкер хызметкерлери ҳәм партияның бир қатар белсенди жасларының қатнасыўында жақсы нийет пенен терек нәллери отырғызылды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги