Өзбекстан Республикасы Олий Мажлис Сенаты Баслығы Танзила Норбоева АҚШтыӊ Юта штаты Сенаты баслығы Стюарт Адамс басшылығындағы делегация менен сөйлесиў өткерди.

Өзбекстан ҳәм АҚШ бирге ислесиўиниӊ әҳмийетли бағдарлары атап айтқанда, саўда-экономикалық, мийнет қатнасықлары, гендер теӊлиги тараўларында байланысларды раўажландырыў, парламентлераралық байланысты беккемлеў мәселелери көрип шығылды.

Сәўбет даўамында инвестиция, товар ҳәм хызметлер базары, таў-кән санааты, энергетика, мәлимлеме технологиялары тараўында биргеликтеги жойбарларды әмелге асырыў бойынша пикир алысты. Онда Юта штаты бизнес топарлары менен өз-ара пайдалы анық жойбарларды әмелге асырыў, аймақларымыз арасында шерикликти жолға қойыў ҳәм байланысларды беккемлеў әҳмийетли екени атап өтилди.

Гендер теӊлигин тәмийинлеў, мийнет қатнасықлары ҳәм миграция, денсаўлықты сақлаў, билимлендириў тараўында бирге ислесиўди жолға қойыў бойынша социаллық жойбарларды жеделлестириў мәселелери тәреплердиӊ дыққат орайында болды.

Стюарт Адамс Өзбекстанда Президент Шавкат Мирзиёевтиӊ басшылығында әмелге асырылып атырған реформаларды бақлап барып атырғанын ҳәм оларды жоқары баҳалайтуғынын атап өтти.

Сондай-ақ, бир қатар бағдарлар атап айтқанда, бизнес ҳәм исбилерменлик жумысын қоллап-қуўатлаў, социаллық тараўларда биргеликте перспективалы жойбарларды жолға қойыў бағдарында Юта штаты Сенаты бар имканиятларын тартыўға таяр екенин, жетекши компаниялардыӊ басшылары оған қызығыўшылық билидирип атырғаны атап өтилди.

Ушырасыўда парламентлераралық байланысты және де раўажландырыў, жергиликли ўәкиллик уйымларыныӊ бирге ислесиўин жолға қойыў ҳәм өз-ара тәжирийбе алмасыўға келисип алынды.

Н.АБДУРАИМОВА,

ӨзА