Медицина тараўында соңғы он жыллықтың ең әҳмийетли ўақыясы жүз берди.    Илимпазлар инсан ДНКсын өзгерте алатуғын  OpenCRISPR нейротармағын жаратты, деп мәлимлеме бермекте  xabar.uz

OpenCRISPR нейротармағы  CRISPR технологиясы тийкарында қурылған –оның жәрдеминде илимпазлар ДНК генлерин дәл LEGOның  бөлеклери сыяқлы басқара алады. Мәселен, Алцгеймер кеселлигине алып келиўши мутацияға ушыраған генлер керексиз блоклар сыяқлы  « суўырылып тасланса»  болды.

CRISPR ғозадағы аллерген генин кесип таслай алады яки  қаптал тәсирлерисиз антибиотик  жаратыў мүмкин, бирақ ең үлкен кемшилиги –айрықша мийнет талап етиўи процессинде. CRISPRде изертлеў өткериўдиң өзине қаншама саатлар инсан мийнети сарыпланады.

Енди бул жумыслар  OpenCRISPR нейротармағы жуўапкершилигинде. Оны бир неше мыңлаған илимпазларға тарқатыў басланды, бул болса үлкен ашылыўларды  алып келиўи мүмкин.

 

                                                                          Қарақалпақстан хабар агентлиги