Өзбекстан сыртқы ислер министри Бахтиёр Саидов 24-апрель күни Кипрдиӊ мәмлекетимиздеги елшиси етип тайынланған (резиденциясы Москва қаласында) Кипрос Йоргаллиcти қабыл етти, деп хабар бермекте СИМ баспасөз хызмети.

Өзбекстан ҳәм Кипр сыртқы ислер министрликлери арасындағы турақлы байланыс барған сайын беккемленип баратырған қатнасықларға, әсиресе, экономикалық бағдардағы байланысларға жаӊа пәт бағышлағаны атап өтилди.

ӨзА