2024-жыл 1-январьдан Пуқаралық процессуал кодексине өзгерис ҳәм қосымшалар киргизилди. Нызамшылыққа киргизилген жаӊа нормалар әмелде қалай ислемекте?

Бул сораўға Жоқары суд мәлимлеме хызмети басшысы Азиз Обидов жуўап берди:

– Процессуал нызамшылыққа киргизилген өзгерислер, бәринен бурын, суд қарарларын қайта көриўдиӊ жаӊа тәртибин енгизиў арқалы пуқаралардыӊ әдил судлаўға ерисиў дәрежесин және де арттырды. Яғный, инсан ҳуқықлары, еркинликлери ҳәм нызамлы мәплерин және де кеӊирек қорғаў имканияты жаратылды.

Еӊ әҳмийетлиси, суд қарарларын қайта көриўдиӊ жаӊа системасы пуқаралардыӊ судқа мүрәжат етиўине байланыслы әўерегершиликлердиӊ алдын алыўға имканият жаратты.

Бирден-бир суд әмелиятын қәлиплестириў, бириншиден ислердиӊ сапалы ҳәм өз ўақтында көрилиўи арқалы, әдил судлаў әмелге асырылып атырған болса, екинши жағынан, инсан ҳуқықларыныӊ исенимли қорғалыўы тәмийинленбекте.

Суд қараларын қайта көриўдиӊ жаӊа тәртибине бола, биринши инстанция судында көрилген ислерди ўәлаят ҳәм оған теӊлестирилген судларда апелляция яки кассация тәртибинде қайта көрип шығыў; апелляция яки кассация тәртибинде көрилген ислерди усы судларда тексериў тәртибинде көрип шығыў; тексериў тәртибинде көрилген ислерди Жоқары судтыӊ судлаў коллегияларында, судлаў коллегиялары тәрепинен көрилген ислерди Жоқары судтыӊ басқарыўында тексериў тәртибинде қайта көрип шығыў нәзерде тутылған.

Сондай-ақ, ўәлаят ҳәм оған теӊлестирилген судлар тәрепинен исти жаӊадан көриў ушын төменги судларға жибериў тәртиби бийкар етилип, оларға жуўмақлаўшы қарар қабыл етиў жуўапкершилиги жүкленди.

Нызамшылықтағы жаӊалықлардан кейин быйылғы жылдыӊ 25-март күни Жоқары суд пленумыныӊ “Судлар тәрепинен пуқаралық ислерин апелляция ҳәм кассация тәртибинде көриўдиӊ айырым мәселелери ҳаққында”ғы қарары қабыл етилди.

Онда пуқаралық исин апелляция, кассация тәртибинде қайта көрип шығыўда суд процеси қатнасыўшыларыныӊ суд ҳүжжети үстинен шағым етиўге болған ҳуқықын кепиллеў нәзерде тутылған.

Пленум қарары 50 статьядан ибарат болып, оны ислеп шығыўдан мақсет – судлар тәрепинен процессуал нызам нормаларын бир түрде ҳәм дурыс қолланылыўын тәмийинлеўден ибарат.

Ҳүжжетте апелляция, кассация тәртибинде суд қарарларын қайта көриўде келип шығатуғын айырым процессуал мәселелер бойынша зәрүр түсиниклер берилди. Атап айтқанда, онда апелляция, кассация инстанциясы судларында ис жүргизиўдиӊ тийкарлары келтирилди.

Процессуал нызамда апелляция ҳәм кассация шағымы менен мүрәжат етиў ҳуқықына ийе болған шахслардыӊ дизими берилген болып, шағым етиў ҳуқықы усы шахслардыӊ ҳуқықый мийрасхорларына да өтетуғыны атап өтилген.

Бундай ҳуқық жас өспирим, қәўендерге ийе болған шахслардыӊ нызамлы ўәкиллерине де берилген. Шағым етиўши шахстыӊ ўәкилине нотариал тастыйықланған тәризде берилген исеним хатында болса, шағым етиў ҳәм оған қол қойыў сыяқлы ўәкилликлер арнаўлы көрсетилген болыўы керек.

Пленум қарарында шағым келтирилмейтуғын суд ҳүжжетлери, апелляция, кассация шағымы (протести)н бериў тәртиби, мүддетлери, усы мүддетлерди есаплаў, тиклеў, суд ҳүжжетлерине байланыслы мәселелер бойынша да түсиник берилди.

Шағым (протест)ды қабыл етиў мәселесин шешиў, суд ҳүжжетлериниӊ орынланыўын тоқтатыў, исти биринши инстанция қағыйдалары бойынша көриў, дәлиллерди тексериў, шағым (протест) сылтаўларына ҳуқықый баҳа бериў сыяқлы бир қатар мәселелер бойынша да түсиниклер берилди.

2024-жыл 1-январьға шекем әмелде болған пуқаралық процессуал нызамшылығына бола, аппеляция шағымы (протести) н қабыл етиў мәселеси исти көрген суд тәрепинен әмелге асырылып келинген. Енди бул ўәкиллик ўәлаят ҳәм оған теӊлестирилген апелляция, кассация инстациясы судыныӊ судьясына берилди.

Пленум қарарында суд ҳүжжетин қабыл еткен суд берилген шағым (протест) ды процессуал нызамныӊ қандайда-бир талапларына сәйкес емеслиги тийкары менен қайтарыў мәселесин шешиўге ҳақылы емеслиги түсиндирилген.

Бизге белгили, процессуал нызамда апелляция, кассация шағымы (протести) н бериў мүддетлери бир ҳәм алты ай деп белгиленген. Бул мүддетлерди тиклеўди аппеляция, кассация инстанциясы судыныӊ судьясы жеке тәртипте шешеди.

Нызам ҳүжжетлеринде бул мүддетлерди тиклеў ушын тийкарлар, себеплер ҳәм факторлар келтирилмегенлиги себепли бир түрдеги суд әмелиятын жаратыў қыйын болып атырған еди. Соныӊ ушын қарарда шағым менен мүрәжат етиў мүддетин тиклеў мәселесин шешиўде оған тосқынлық еткен объектив жағдайларға қандай факторлар киретуғыны, атап айтқанда, физикалық тәреплердиӊ кеселлиги, шаӊарақлық жағдайы ҳәм басқа жағдайлар кеширимли себеплер есапланатуғыны түсиндирилип, судьяныӊ мүддетин тиклеў ҳаққындағы жуўмақларды шағым (протест) ды қабыл етиў, қабыл етиўди бийкарлаў ҳаққындағы уйғарыўларда тийкарландырылыўы керек екени көрсетилген.

Соныӊ менен бирге, Пуқаралық процессуал кодексинде белгиленген шағым (протест) етиў мүддетлерин тиклеў ушын үш ай қатаӊ есапланатуғыны атап өтилген. Усы үш айлық мүддет өткеннен соӊ берилген шағым (протест) бойынша процессуал мүддет тикленбейди.

Жоқары суд пленумы қарары пуқаралардыӊ ҳуқық ҳәм нызамлы мәплерин суд арқалы исенимли қорғаўға қаратылған жоқарыдағы сыяқлы қағыйдаларды өз ишине қамтып алған.

Жаӊа ҳүжжет судлардыӊ процессуал нызамды дурыс қолланыўы ушын әҳмийетли ҳуқықый тийкар болып хызмет етеди.

Норгул АБДУРАИМОВА,

ӨзА