Олий Мажлистиң Инсан ҳуқықлары бойынша ўәкили (Омбудсман), БМШ Раўажланыў бағдарламасының Өзбекстандағы ўәкилханасы менен биргеликте «Инклюзив майыплық ҳәм гендер-сезгир сөйлесиў» атамасында семинар өткерилди.

Омбудсман Феруза Эшматова мәмлекетимизде майыплығы болған шахсларды социаллық қоллап-қуўатлаўға итибар қаратылып атырғанын атап өтти.

Оларға тең шараят ҳәм имканиятлар жаратылмақта. Майыплығы болған шахслардың кемситилиўине жол қойылмайды.

Усы көзқарастан, Омбудсман майыплығы болған шахслардың мүрәжатларын көрип шығыў ҳәм олардың ҳуқықларын тәмийинлеўге айрықша итибар қаратып атыр.

Омбудсманға 2023-жылы майыплығы болған шахслардан 133 мүрәжат келип түскен. Қадағалаўға алынған мүрәжатлардың көпшилиги унамлы шешилип, майыплығы болған шахслардың ҳуқықлары тикленген.

Мүрәжатларда майыплық топарын белгилеў, оны қайта көрип шығыў, материаллық жәрдем көрсетиў ҳәм социаллық жеңилликлер енгизиў мәселелери көтерилген.

2023-жылы БМШтың тийисли комитетине Майыплар ҳуқықлары ҳаққындағы конвенцияның орынланыўы бойынша Омбудсман баянаты киргизилген.

Усы жылы жәмийетте майыплығы болған балалардың ҳуқық тараўына болған қызығыўшылығын ҳәм билимлерин арттырыўға қаратылған «Ҳуқық билимданы» викторинасы өткерилди.

Олий Мажлистиң Инсан ҳуқықлары бойынша ўәкили ҳәм Кәсиплик аўқамлары федерациясы менен биргеликте шөлкемлестирилген викторинада Ташкент ҳәм Ферғана ўәлаятлары ҳәм Ташкент қаласында жайласқан таяныш ҳәрекети наўқасланған балалар ушын мектеп-интернатларының 750 ге шамалас оқыўшылары қамтып алынды.

Илажда Омбудсманның майыплығы болған шахсларға тең имканиятлар жаратыў бағдарындағы үйрениўлери, ҳәрекетлениў еркинлиги шекленген жабық мәкемелерди имканияты шекленген шахсларға бейимлестириў бойынша Омбудсман басламасы менен ислеп шығылған жол картасы ҳәм оның әмелге асырылыў жағдайы ҳаққында сөз болды.

Семинар интерактив усылда шөлкемлестирилди. Қатнасыўшылар майыплығы болған шахслардың ҳуқықлары, олар менен нәтийжели коммуникация орнатыў усыллары, жәмийеттеги ҳәм ҒХҚдағы гендер стереотиплер ҳәм гендер-сезгир сөйлесиў усыллары бойынша көплеген пайдалы мағлыўматларға ийе болды.

Норгул АБДУРАИМОВА,

ӨзАның хабаршысы