Өзбекстан Республикасы Әдиллик министрлигиниӊ 2024-жыл 18-январь күнги “Ҳеш бир шахс ҳүжжетсиз қалмайды” ҳуқықый  акциясын өткериў ҳаққындағы буйрығы тийкарында Беруний районы әдиллик бөлими хызметкерлери тәрепинен бир қатар мәкан ҳәм аўыл пуқаралар жыйынлары аймағында хатлаў жумыслары алып барылды.

–Хатлаў даўамында пуқаралардан келип түскен мүрәжатлар үйренилип, 24 туўылғанлық, 11 неке, 6 некеден айырылғанлық ҳәм 4 өлим ҳаққындағы акт жазыўлары дизимге алынды,–дейди Беруний районлық әдиллик бөлиминиӊ баслығы,  II дәрежели юрист Салтанат Раимбекова.–Соныӊ ишинде пуқара М.Б.ныӊ 6 перзентине туўылғаны ҳаққында гүўалық алып бериўди сорап жазған мүрәжаты үйренип шығылды.

Мәлим болғанындай, ол пуқара К.Т. менен нызамлы некеден өтип, 2007-жылы шаӊарағы менен Қазақстан Республикасыныӊ Атыраў қаласына жумыс ислеўге кеткен. Сол дәўирде  6 перзентли болады. Қазақстанда ижарада турған үйинде өрт жүз берип, өзлерин тастыйықлаўшы ҳүжжетлери жанып кеткенлиги себепли перзентлерин үй шараятында дүньяға келтириўге мәжбүр болған ҳәм олардыӊ туўылғанлығы усы күнге шекем еки мәмлекетте де дизимге алынбаған.

Ҳүжжети болмағанлығы себепли пуқара М.Б. (2007-2017-жылларда) 11 жыл даўамында басқа мәмлекетте қалыўға мәжбүр болған. 2017-жылы әкеси тосаттан қайтыс болғанлығы себепли бир жолын таўып перзентлери менен туўылған жерине қайтып келди. Усыннан соӊ  7 жылдан аслам ўақыт перзентлерине туўылғанлығы ҳаққындағы гүўалықты алыў ушын бир нешше шөлкемлерге мүрәжат еткен, бирақ нәтийже болмаған. Ҳәзир балаларыныӊ үлкени 15 жаста, кишкенеси 7 жаста болып, райондағы улыўма билим бериў мектебинде тәлим-тәрбия алмақта. Бирақ ҳүжжетлери болмағанлығы себепли мектеп оқыўшыларыныӊ электрон базасына олардыӊ мағлыўматлары киргизилмеген.

Өзбекстан Республикасы Шаӊарақ кодексиниӊ 205-статьясында балалардыӊ туўылғанлығын дизимге алыў мәжбүрий болып, балалар туўылған жерине ямаса ата-анасынан бири турақлы жасаў ямаса ўақтынша турған жерине қарамастан, ПҲАЖ уйымларында бир айдыӊ ишинде әмелге асырылыўы, 206-статьясында баланыӊ туўылыўы оныӊ туўылғанлығы ҳаққындағы медициналық мағлыўматнама, ата-анасыныӊ шаӊарақ жағдайы ҳәм шахсын тастыйықлаўшы ҳүжжетлери тийкарында дизимге алынады, деп белгиленген. Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниӊ  2023-жыл 20-октябрьдеги “Неке, шаӊарақ ҳәм пуқаралық ҳалаты актлерин дизимге алыў тараўындағы нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлерди системаластырыў ҳаққында”ғы  қарары менен тастыйықланған пуқаралық ҳалаты актлерин дизимге алыў  қағыйдаларыныӊ 19-бәнтине муўапық 16 жастан асқан медициналық мәкемеден сыртта ҳәм медициналық жәрдемсиз туўылған балаға медицина мәкемеси тәрепинен туўылғанлығы ҳаққындағы мағлыўматнамалары рәсмийлестирилмеген шахслардыӊ туўылғанлығын дизимге алыў судтыӊ шешиўши қарары тийкарында әмелге асырылады. Сондай-ақ, Өзбекстан Республикасы Пуқаралық процессуал кодексиниӊ 295-статьясына муўапық суд пуқаралардыӊ ямаса шөлкемлердиӊ жеке, мүлклик ҳуқықларыныӊ жүзеге келиўине, өзгериўине ямаса тоқтатылыўына себеп болатуғын фактлерди анықлайды, суд аталықты тән алыў (белгилеў), баланыӊ қайсы анадан туўылғанлығын, сондай-ақ туўылған ўақтыныӊ фактлерин анықлаў ҳаққындағы ислерди көреди, арза ийеси юридикалық әҳмийетке ийе болған фактлерди тастыйықлайтуғын керекли ҳүжжетлерди басқаша тәртипте алыўы мүмкин болмаған ямаса жоғалған ҳүжжетлерди тиклеўдиӊ имканияты болмаған жағдайда ғана суд усы фактлерди анықлайды.

Усыларға тийкарланып, районлық әдиллик бөлими тәрепинен пуқара М.Б.ныӊ  мүрәжаты бойынша балалардыӊ усы анадан туўылғанлығы фактин тастыйықлаў ҳаққында пуқаралық ислери бойынша Беруний районлар аралық судына арза берилди. Бул арза балалар билим алып атырған улыўма билим бериў мектебинде ПҲАЖ, қәўендерлик уйымлары, пуқаралар жыйыны белсендилери, мектеп ҳәкимшилиги ўәкиллериниӊ қатнасыўында өткерилген көшпели суд мәжилисинде көрип шығылды. Анықланған жағдайлар ҳәм гүўалардыӊ көрсетпелери ҳәм топланған ҳүжжетлерге тийкарланып суд әдил қарар қабыл етти. Солай етип, әдиллик ҳәм суд уйымлары хызметкерлериниӊ әмелий жәрдеми нәтийжесинде бир шаӊарақтыӊ 6 перзенти туўылғанлығы ҳаққында гүўалық алыў ҳуқықына ийе болды.

Беруний районы әдиллик бөлими ПҲАЖ бөлиминде балаларға туўылғанлығы ҳаққында гүўалықларды тапсырыў илажы болды. Онда Қарақалпақстан Республикасы Әдиллик министриниӊ орынбасары  М.Aбдижалиев шаӊарақты турмысындағы умытылмас ўақыя менен қутлықлап, оларға министрлик тәрепинен баҳалы саўғаларды тапсырды.

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниӊ шолыўшысы