Салық басқармасының мағлыўматларына қарағанда, ҳәзирги ўақытта сатып алынған затлардың чеклери бойынша бензин, газ, саяхат ҳәм азық-аўқат ушын көбирек пул жумсалып атырғаны анықланды.

Фискал чеклер туўралы мағлыўматлар автомат тәризде Салық комитетиниң мағлыўматлар базасында көринеди.

2024-жылдың биринши шерегинде өткерилген таллаўларға бола ең көп сатылған өнимлер қатарына метан газ кирди. Оның улыўма реализацияланған суммасы 3,4 трлн. сум болды.

Сондай-ақ, бензин АИ-80 2,6 трлн, халықаралық авиабилет  2,3 трлн, бензин АИ-92 1,2 трлн, 1-сортлы бийдай уны 1,1 трлн, уялы телефонлар 638,3 млрд, фаст-фуд 613 млрд, айғабағар майы 543,1 млрд, тийкарғы гөшли тамақлар 470,2 млрд, кондитер өнимлери 427, 4 млрд. сум болды.

Сигареталар (Pall Mall, VEGAS NIGHTS) 418,1 млрд, алкогольсиз ишимликлер 399,4 млрд, мийманхана хызметлери 394,9 млрд, қумшекер 378,5 млрд, пропан газ 374,5 млрд. сумға жетти.

Қарақалпақстан хабар агентлиги