Қарақалпақстан халық шайыры, Бердақ атындағы республикалық сыйлықтың лауреаты Кеңесбай Рахманов қарақалпақ әдебиятында өз орнына ийе талантлы дөретиўши еди.

Ол әдебияттың үш жанрында да теңдей қәлем тербетти. Оның поэмалары, пьесалары ҳәм прозалық шығармалары өз ўақтында китап сыпатында басылып шығып, оқыўшылар қәўиминиң кеўлинен жыллы орын ийеледи.

Атап айтқанда, 1993-жылы «Айралық қосығы», «Нөсер», «Өмир ҳәм өлим» повестьлери «Ақыбет атлы прозалық топламында жәрияланған еди. Тилекке қарсы, бүгинги күни баспадан шыққан бул китаплардың саны азайып бармақта. Сонлықтан «Жети ықлым» баспасы көп санлы китапқумар халқымыздың тилек-өтинишлерин инабатқа алып, халқымыздың сүйикли шайыры ҳәм жазыўшысы Кеңесбай Рахмановтың «Айралық қосығы», «Нөсер», «Өмир ҳәм өлим» повестьлери «Айралық қосығы» атамасы менен қайтадан китап етип басып шығарылды.

Сондай-ақ, китапта жазыўшының «Мениң өмирим» атлы тамамланбай қалған мемуарынан да үзиндилер берилген. Бул жаңа республикамыз китап оқыўшыларының кеўлинен шығады деген үмиттемиз.Китап оқыўшылары ушын ҳақыйқый саўға болған «Айралық қосығы» повестьлер топламы сизиң текшеңизден тез күнлерде орын алатуғынлығына исенемиз.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги