Социаллық тармақларда Аралбойынан динозавр излери ҳәм динозавр баласының сүйеклери табылғаны хаққында хабар тарқалды.

Бул хабарларға анықлық киргизиў мақсетинде Өзбекстан Республикасы Илимлер академиясы Қарақалпақстан бөлимине қараслы Қарақалпақстан тәбийий пәнлер илимий  изертлеў институтының геология лабораториясы  баслығы Иззет Айымбетов пенен сәўбетлестик.

-Динозаврларға тийисли сийрек ушырасатуғын сүйек ҳәм излерин табыў бойынша изертлеў қашаннан, ким тәрепинен басланды?

-Өткен жылдың сентябрь айында Қарақалпақстанлы илимпазлар менен бирге ислесиў мақсетинде Словакиядан бир неше палеонтолог илимпазлар келди. Олар Аралбойындағы көплеген аймақларда изертлеў алып барып, сийрек ушырасатуғын табылмаларды тапты.

-Олардың арасында суўда жасайтуғын  динозаврдың кишилеў түриниң сүйеги де бар. Илимпазлар елине қайтып кетти ҳәм усы жылдың апрель айы басында және Қарақалпақстанға келип, изертлеў жумысларын даўам еттирип, Үстиртте динозавр излерин тапты.

Табылған излер жыллар даўамында қандай сақланып қалғаны бизге жүдә қызық…

-Динозаврлардың излери жерге батып, ўақыт өткен сайын геологиялық  процесслер нәтийжесинде тасқа айланып қалады.Ҳәзир илимпазлар әне сол таслардың излерин терең үйренбекте.

-Демек, динозаврлар ертеклерде емес, өмирде болғаны рас екен дә?

-Әлбетте, бул ертек емес. Динозаврлар өмирде болған. Дала изертлеў жумыслары  даўамында табылған динозавр баласының сүйеклери көпшиликте қызығыўшылық оятпақта.Палеонтологлардың айтыўынша, бундай сийрек ушырасатуғын сүйеклер ҳәзирше Америка Қурама Штатлары, Румыния, Қытай ҳәм Қарақалпақстанда табылған. Ҳәзир усы дала изертлеўлери нәтийжеси хаққында дүньядағы абырайлы журналларға 3 үлкен  мақала таярланбақта. Бул еле барлығы емес.Илимпазлар және көплеген сийрек ушырасатуғын сүйеклерди тапты. Бизде сийрек ушырасатуғын табылмаларды үйрениў имканияты болмағаны ушын олар табылмаларды үйрениў мақсетинде алып кетти .

Екинши экспедицияда қатнасыў ушын Франциядан илимпазлар келип Қара-таў таўлары, Үстирт, Нөкис, Хожели, Тақыятас районларында болып көплеген сийрек ушырасатуғын сүйеклерди тапты. Бул сүйеклер илимлер академиясының Қарақалпақстан бөлиминде сақланбақта.

-Қарақалпақстанда соншелли сийрек ушырасатуғын  табылмалар бар екен, не себеп илимпазларымыз буннан алдынлаў хабар таппаған.

-Биринши себеп, Қарақалпақстанда палеонтолог илимпазлар жоқ. Улыўма, Өзбекстанда бундай қәнигелерге жүдә үлкен мүтәжлик бар. Бул тараў ўәкиллери кейинги жылларда азайып кетти. Палеонтолог илимпазлар миллион жыллар алдын жасаған ҳайўанларды, палеонтология болса жердиң тарийхын үйренетуғын пән болып есапланады.

Екинши экспедиция процесинде табылған сүйеклер 70 миллион жыл алдын жасаған ҳайўанлардың сүйеклери болып, сол сүйеклер арқалы илимпазлар жердиң тарийхын үйренеди.

-Кейинги режелер қандай?

Словакиялы илимпазлар менен меморандумға қол қойдық. Бул меморандумға Словакияда жас палеонтолог илимпазларды таярлаў мәселеси де киргизилген.

Сентябрь айында бирге ислесиўшилермиз бир ай мүддетке Өзбекстанға келеди. Олар менен биргеликте  экспозиция шөлкемлестириўди  режелестиргенмиз. Бул экспозициялар туристлерди кеңнен тартыўға үлкен жәрдем береди. Адамлар динозаврдың сүйеклерин  көриўге қызығып келеди.

Ҳәзирден соған таярлық жумысларын баслап жибердик. Режемиз әмелге асса, Қарақалпақстанда туризмниң раўажланыўына үлес қосқан боламыз.

                                                                                                                                       ӨзА