Нөкис қаласындағы Жаслар орайында Қарақалпақстан Республикасында медициналық хызмет көрсетиўдиң жаңа модели ҳәм қаржыландырыў механизмлерин енгизиў мәселелерине бағышланған видеоконференц байланыс тәризиндеги мәжилис өткерилди.

Оған Ташкент қаласы ҳәм ўәлаятлардан тараў қәнигелери, Мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў фонды, Денсаўлықты сақлаў министрлиги, Экономика ҳәм қаржы министрлиги, Нөкис қаласы, Кегейли, Шымбай, Қоңырат районлары ҳәкимликлери ҳәм медицина шөлкемлериниң ўәкиллери қатнасты.

Мақсет – Қарақалпақстан Республикасы халқын ҳәм мәпдар шөлкемлерди, пуқараларды мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў системасында әмелге асырылып атырған медициналық хызметтиң жаңа модели ҳәм қаржыландырыў системасы менен таныстырыўдан ибарат.

Илажда  Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министри М.Қурбанов, Мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў фондының атқарыўшы директоры З.Эрматов, «LEAP USAID» жойбарының қаржы мәселелери бойынша мәсләҳәтшиси М.Қалиевлар шығып сөйлеп, соңғы жылларда елимизде денсаўлықты сақлаў бағдарында әмелге асырылған реформалар, денсаўлықты сақлаў системасын қаржыландырыўды жаңа модельге өткериў мәлелелери бойынша мағлыўматлар берилди.

Сондай-ақ, Қарақалпақсан Республикасында мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў механизмлерин енгизиўдиң әҳмийетли мәселелери, кейинги басқышлары, фтизиатрия хызметинде қаржыландырыўдың жаңа усыллары атап өтилип, пикир-усыныслар билдирилди.

Атап өтилгениндей, елимизде Президентимиз тәрепинен халықтың саламатлығын сақлаўға қаратылып атырған итибар ҳәм ғамхорлықлар нәтийжесинде денсаўлықты сақлаў системасында кең көлемли реформалар әмелге асырылмақта.

Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў тараўына мәмлекетлик бюджеттен 2024-жыл ушын жәми 1 трлн. 805 млрд. сум қаржы ажыратылып, яғный 2023-жылға салыстырғанда быйылғы бюджет қәрежетлери 108,6 процентке көбейген.

2024-жылдың өткен дәўирлеринде “Басламалы бюджет” көлеминдеги жойбарларда 47 денсаўлықты сақлаў мәкемелери оңлаў ҳәм материаллық техникалық базасын раўажландырыў илажлары бойынша қатнасып, соннан 12 емлеў мәкемелери медициналық әсбап-үскенелер алыў ҳәм имаратларын оңлаўдан өткериў жойбарлары менен жеңимпаз деп табылған.

Республикамызда 253 басланғыш медициналық-санитариялық жәрдем көрсетиў мәкемелери болып, соннан 17 си көп тармақлы, 81 и шаңарақлық поликлиника ҳәм 72 си шаңарақлық шыпакерлик пунктлери, 83 и мәҳәллелердеги медициналық пунктлер болып есапланады.

Бүгинги күнде көп тармақлы поликлиника, шаңарақлық поликлиника ҳәм шаңарақлық шыпакерлик пунктлеринде жәми 1189 күндизги стационар орынлар шөлкемлестирилип, усы жылдың өзинде 40 мыңнан аслам наўқас емленген.

Шыпакерлердиң турақлы жумыс орнында ислеп қалыўы ушын мәмлекетимиз тәрепинен жеңилликлер, мийнет ҳақыларына қосымшалар белгиленген. Бүгинги күнде мәмлекетимизде медициналық хызметлердиң сапасы ҳәм қамтыўын кеңейтиўге қаратылған комплексли илажлар әмелге асырылмақта. Жәми 520 кеселлик, 28 диагностикалық тексериў, 46 лаборатор анализлер, 235 түрдеги дәри-дәрмақлар, 27 түрдеги оператив жол менен емлеўлер ҳәм 76 медициналық буйымлар наўқасларға мәмлекет есабынан бийпул бериледи ҳәм көрсетиледи.

Ҳәзирги ўақытта, халыққа көрсетилип атырған медициналық хызметлердиң сапасын арттырыў, ажыратылған бюджет қаржыларынан утымлы пайдаланыў мақсетинде республикамыздағы медицина мәкемелерине мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў механизмлерин енгизиўге таярлық жумыслары алып барылмақта.

– Бизде мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў механизмлери тѳмендегише енгизиледи,-дейди министр М.Қурбанов. – Онда мәмлекет тәрепинен кепилленген медициналық хызметлер ҳәм дәри-дәрмақлар пакети тийкарында халыққа бийпул хызмет көрсетиледи. Стационарларда жатып емлениўи ушын шаңарақлық шыпакердиң жолламасы арқалы әмелге асырылады ҳәм жеңилликлерге ийе пуқараларға медициналық хызметтиң барлық түри бийпул көрсетиледи.

Мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў механизмлериниң енгизилиўи нәтийжесинде денсаўлықты сақлаў тараўында қаржыландырыўдың жаңа механизмлери енгизиледи. Онда басланғыш медициналық-санитариялық мәкемелер жайласқан аймақтағы жасап атырған халықтың жан басына қарап, олар емлеўханаларда болса, ҳәр бир емленген жағдайы бойынша кепилленген медициналық пакетке киргизилген хызметлерге қамсызландырыў фонды тәрепинен қаржы ажыратылады. Жеңилликлерге ийе болған наўқаслар Қамсызландырыў фонды менен шәртнама дүзген мәмлекетлик ямаса жеке меншик медициналық мәкемелер өз ерки менен таңлаў имканияты жаратылады.

Кеселликлерди амбулатор шараятында емлеў ушын дәри-дәрмақлар электрон рецепт тийкарында наўқасларға бийпул берилиўи ҳәм дәриханалардың жумсалған қаржылары Қамсызландырыў фонды тәрепинен (реимбурсация) қаплап бериледи.

Буның нәтийжесинде халқымызға көрсетилетуғын медициналық хызметтиң сапасы арттырылады, ажыратылған бюджет қаржыларынан утымлы ҳәм нәтийжели пайдаланыўға ерисиледи.

Сондай-ақ, профилактика ҳәм скрининг режелерин толық орынламаў, емлеў орынларын (коек) тийкарсыз услап турыў, амбулатор емлениўи керек болған, профилине туўры келмейтуғын наўқасларды стационар шараятта емлеў, медициналық үскенелер ҳәм буйымлардан режели пайдаланбаў, полипрогмазия (көп дәрилерди буйырыў), клиникалық протокол ҳәм стандартларға сай тексериўлер ҳәм емлеў жумысларын алып бармаў жағдайлары болса, бул емлеў мәкемелери Қамсызландырыў фонды тәрепинен қаржыландырылмайды ҳәм бул электрон платформа тийкарында қадағалап барылады.

Әлбетте, буған ерисиўимиз ушын хүкиметимиз тәрепинен барлық шараятлар жаратылған.

Мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў механизмлерин енгизиў бойынша анық реже белгиленген. Яғный, Мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў фондының Қарақалпақстан Республикасы аймақлық филиалы шөлкемлестирилмекте, фонд ушын имарат ажыратылды, кадрлар менен тәмийинленеди.

Бүгинги күнде фонд хызметкерлери менен биргеликте республикамыздағы барлық емлеў-профилактика мәкемелеринде медициналық қамсызландырыўда қаржыландырыўдың жаңа механизмлерин енгизиў бойынша таярлық жумыслары алып барылмақта.

Илажда алда әмелге асырылыўы тийис болған жумыслар бойынша пикир-усыныслар билдирилип, қатнасыўшылар өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.

Ә.Жийемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги