«Ташкент-АЭРО» Қәнигелестирилген бажыхана орайының « Авия жүклер» СЭЖ бажыхана постында БМШтың Нәшебентлик  затлары ҳәм жынаятшылық басқармасы ҳәм дүнья жүзилик бажыхана шөлкеми менен биргеликте « Контейнерде тасыўларды қадағалаў » глобаллық жойбары шеңберинде  әмелий семинар өткерилди. 

 Дүнья жүзилик бажыхана шөлкеминиң халықаралық эксперти Муҳаммед Ал-Ғарабех тәрепинен қатнасыўшыларға авияжүклер бойынша халықаралық нызамшылықтағы жаңалықлар хаққында мағлыўмат берилди.


Сондай-ақ, жүклердиң түрлери, коммерциялық ҳүжжетлерди үйрениў, авияконтейнерлерде жүклерди жасырыў усыллары, қәўипсизликлерди баҳалаў, нәшебентлик затларын тасыў жөнелислери сыяқлы темаларда жаңа билимлер берилди, халықаралық тәжирийбе менен ортақласты.

 

ӨзА