Нөкис қаласындағы Санаат-қурылыс банкинде исбилерменлик субъектлери менен дөгерек сәўбети шөлкемлестирилди.

Мақсет – республикамызда жумыс ислеп турған киши бизнес ҳәм жеке исбилерменлик субъектлериниң экспортлық потенциалын арттырыў, заманагөй, бәсекиге шыдамлы өним ислеп шығарыўды көбейтиў және оны сырт ел базарларына алып шығыўда оларға ҳуқықый жәрдем бериў, финанслық жумысын шөлкемлестириўине көмеклесиў болып есапланады.

Онда Қарақалпақстан Республикасы бажыхана басқармасының жуўапкер хызметкерлери, Экспорт комитетиниң экспертлери, Өсимликлер карантини ҳәм оны қорғаў агентлиги, Ветеринария ҳәм шарўашылықты раўажландырыў ҳәм санитария-эпидемиология хызмети қәнигелери қатнасты.

Илажда экспортты әмелге асырыў тәртип-қағыйдаларын әпиўайыластырыў ҳәм исбилерменлик субъектлерине жеңиллик жаратыў бойынша әмелге асырылып атырған жумыслар ҳаққында қәнигелер тәрепинен мағлыўматлар берилди.

Сондай-ақ, дөгерек сәўбетлесиўи даўамында исбилерменлик субъектлерине бажыхана хызмети тәрепинен жаратылып атырған жеңилликлер, экспорт операцияларын әмелге асырыў тәртип-қағыйдалары бойынша түсиниклер берилди. Онда тийкарғы итибар азық-аўқат, палыз өнимлери экспортын әмелге асырыў және оған заманагөй базар механизмлерин енгизиў, экспорт режимин әпиўайыластырыў арқалы оның көлемин көбейтиў, логистика системасын раўажландырыўға қаратылды.

Бажыхана комитети тәрепинен ислеп шығылған “Экспорт уч қадамда” мәлимлеме системасының енгизилгени ҳәм бул әмелиятқа муўапық, автомобиль транспортында әмелге асырылатуғын экспортлық товарлардың рәсмийлестирилиўиниң әпиўайыластырылған тәртиби кеңнен түсиндирилди.


Сынақ жолы менен қолланылып атырған бул жойбардың нәтийжелери жоқары баҳаланса, әмелиятқа толық қолланыў нәзерде тутылған.

Қатнасыўшылар қәнигелерден өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.

Ә.Жийемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги