Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтының мәлимлеме-ресурс орайында IV Республикалық китапқумарлық ҳәптелиги шеңберинде түркмен халқының уллы перзенти, белгили шайыр ҳәм ойшыл, дүнья халықлары әдебияты ҳәм мәдениятының раўажланыўына үлкен үлес қосқан Мақтымқулы Пырағыйдың 300 жыллығына арналған «Мақтымқулы – түркмен поэзиясының қуяшы» атамасында әдебий кеше шөлкемлестирилди.

Кешеде филология илимлериниң докторы, профессор Турғанбай Керўенов, филология илимлери бойынша философия докторы, профессор Феруза Сапаева, филология илимлериниң кандидаты, доцент Есберген Алланазаров, сондай-ақ, Республикалық мәлимлеме-китапхана орайы қәнигелери шайырдың өмири ҳәм дөретиўшилиги, оның шығыс халықлары әдебиятындағы тутқан орны ҳаққында қатнасыўшыларға мағлыўматлар берди.

Атап өтилгениндей, даналық сөз шебериниң терең гуманизм менен суўғарылған дөретпелери мәрт ҳәм сабырлы, мийнеткеш түркмен халқының ийгиликли қәдириятлары ҳәм уллы пазыйлетлерин жырлаў, бәрқулла халық пенен дәртлес болыўға, түрли миллет ҳәм халықлар арасында өз-ара татыўлық ҳәм аўызбиршилик байланысларын беккемлеўге қаратылған мазмуны менен бәршемиз, әсиресе, жасларымыз ушын үлги болып табылады.

Быйыл абырайлы халықаралық шөлкем – ЮНЕСКО басшылығында Мақтымқулы Пырағыйдың туўылған күниниң 300 жыллық юбилейи дүнья көлеминде кеңнен белгиленип атырғаны да шайырдың әдебий мийрасы дүнья сөз өнериниң ғәзийнесине айланып, адамзаттың руўхый дүньясын жоқарылатыўға хызмет етип киятырғанынан дәрек береди.

Өзбекстан дүньяда Мақтымқулы дөретпелери ең көп басып шығарылатуғын ҳәм оқылатуғын мәмлекетлерден бири ретинде тән алыныўы бийкарға емес. Мәмлекетимизде классик шайырдың қосықлары ҳәм олар тийкарында жаратылған қосықлар кирип бармаған бирде-бир шаңарақ, оның атын билмейтуғын бирде-бир адам табылмайды. Мақтымқулы әсирлер даўамында халқымыздың өз шайырына айланған. Оның қосықлары терең философиялық мәниси, халықшыллық руўхы, жоқары көркемлиги менен бақсы ҳәм қосықшыларымызға, шайырларымызға илҳам бағышлап, бәрқулла халық арасында жаңлап, халқымыздың кеўлинде жасап келмекте.

Мақтымқулы өз дәўиринде Хийўадағы белгили Шерғазыхан медресесинде билим алғаны, Әлийшер Наўайыдай уллы сөз шеберин өзине устаз деп билгени халқымыз арасындағы ҳақыйқый дослықтың әжайып үлгиси. Мақтымқулы Хийўада оғада көп устаз ҳәм кәсиплеслер, дос ҳәм ықласбентлер тапқан, бул жерде өткерген жылларын миннетдаршылық пенен еслеп, жақсы қосықлар жазғанын китапқумарларымыз жақсы биледи.

Қарақалпақ классик әдебиятының көрнекли ўәкиллери болған Күнхожа, Әжинияз ҳәм Бердақлар да Мақтымқулыны өзлерине устаз деп билип, оның қосықларынан илҳам-йош алған.

 

Өзбекстан ҳәм Түркменстан арасындағы дослық ҳәм жақсы қоңсышылық қатнасықларының жаңа дәўири басланған ҳәзирги ўақытта Мақтымқулы Пырағыйдың өлмес көркем мийрасы халықларымыз ушын және де әҳмийетке ийе болмақта. Еки туўысқан ел ушын бирдей ардақлы болған шайырдың жетик дөретпелери мәмлекетимизде турақлы түрде, ири тиражларда баспадан шығарылмақта. Ташкент ҳәм Хийўа қалаларында шайыр естелигине бағышлап қурылған естелик комплекслери теберик зиярат орынларына айланған.

Шайырдың юбилей жасы – 300 жыллығын кең түрде белгилеў ҳаққында Өзбекстан Республикасы Президенти қарарының қабыл етилиўи де бул уллы сөз шебериниң халықларымыз турмысындағы орны ҳәм әҳмийетиниң айқын дәлили есапланады.

Илажда институттың түркмен тили ҳәм әдебияты тәлим бағдарының студентлери Мақтымқулының қосықларын атқарып, түркмен халқының миллий аяқ-ойынларын қатнасыўшылар дыққатына усынды.

Институтта IV Республикалық китапқумарлық ҳәптелиги илажлары даўам етпекте.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.

И.Матековтың түсирген сүўретлери