Усы жыл 24-апрель күни Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтында студент-жаслардың, соның ишинде, питкериўши курс студентлериниң бәнтлигин тәмийинлеў мақсетинде бос жумыс орынлары мийнет ярмаркасы шөлкемлестирилди.

Мийнет ярмаркасына Қарақалпақстан Республикасы Жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министрлигиниң, Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министрлиги ҳәм оған қараслы қалалық ҳәм районлық бөлимлериниң ўәкиллери, Кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм бәнтлик министрлиги, «Жумысқа мәрҳамат» моно орайы, бир қатар жоқары оқыў орынлары ҳәм басқа да  шөлкемлердиң ўәкиллери қатнасты.

«Каръера күни» мийнет ярмаркасын өткериўден гөзленген баслы мақсет -студентлерге мийнет нызамшылығы ҳаққында түсиниклер бериў, мийнет базарында сәйкес ваканцияларды излеў көнликпелерин пайда етиў, жумысқа орналасыў ушын ҳүжжетлерди таярлаў ҳәм жумыс бериўшилер менен сәўбетлесиў усылларын үйретиў, жумыс бериўшилер ушын институтта таярланып атырған кадрлар потенциалын таныстырыў, оқып атырған ҳәм питкериўши курс студентлериниң бәнтлигин тәмийинлеўге көмеклесиўден ибарат.

Мийнет ярмаркасында тийкарғы жумыс бериўшилер есапланған Қарақалпақстан Республикасы Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министрлиги системасындағы басқарма ҳәм бөлимлер менен биргеликте исбилерменлик субъектлери, мәмлекетлик ҳәм мәмлекетлик емес мәкеме, кәрхана ҳәм шөлкемлердиң ўәкиллери бос жумыс орынлары менен қатнасты.

– Быйылғы оқыў жылында Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтын улыўма 3 мың 854 питкериўши, соннан  бакалавриаттың күндизги тәлим бағдарлары бойынша 2 мың 576, сыртқы тәлим бағдарлары бойынша 1 мың 259 студент, ал магистратура қәнигеликлери бойынша 19 магистрант питкерип шығыўы күтилмекте. Мийнет ярмаркасында 1-2-3-курс студентлери менен бирге усы питкериўшилердиң де бәнтлигин тәмийинлеў, оларға тийисли тараўлар бойынша жумыс орынларына жолламалар бериў, жумыс бериўшилер менен шәртнамалар дүзиў жумыслары алып барылды,-дейди институттың маркетинг ҳәм студентлер әмелияты бөлиминиң баслығы Полат Хожаниязов.

Илаж шеңберинде институтта оқып атырған студентлердиң қолға киргизген жетискенликлери, илимий-педагогикалық ҳәм өндирислик бағдарда әмелге асырып атырған жумыслары, сондай-ақ, факультетлерде билимлендириў ҳәм халық хожалығының басқа да тараўлары ушын кадрлар таярлаў бағдарындағы жоқары нәтийжелер ҳаққында сөз ететуғын көргизбе шөлкемлестирилди.

Институттың талантлы студентлериниң атқарыўындағы концерт бағдарламасы қатнасыўшылар дыққатына усынылды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги