Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде «Өзбекстан – улыўма үйимиз», атамасында фестиваль өткерилди.

Оған Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси, тийисли министрликлер менен жәмийетлик шөлкемлердиң басшылары, университеттиң профессор-оқытыўшылары, студент-жаслар қатнасты.

Дәслеп мийманлар студентлер тәрепинен исленген миллий кийимлер, қол өнери үлгилери, сүўретлер көргизбелерин тамашалады.

Буннан соң, «Өзбекстан – улыўма үйимиз», «Миллетлер аралық дослық, кеңпейиллик – Өзбекстан раўажланыўының тийкары» атамасында илаж басланды.

Илажда Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң ректоры А.Реймов, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң комитетиниң баслығы Т.Романов, Қарақалпақстан жазыўшылар аўқамының баслығы К.Каримов, Қарақалпақстан мусылманлары қазыятының қазы орынбасары А.Жолаўшиев, Халық депутатлары Нөкис қалалық Кеңесиниң депутаты А.Сайпова ҳәм басқалар шығып сөйлеп, елимиздеги аўызбиршиликтиң беккемлиги, халықлар арасындағы дослық қатнасықлар мәмлекетимиздиң еле де раўажланыўы, гүллениўине тийкар жаратып атырғанлығын айрықша атап өтти.

Атап өтилгениндей,  мәмлекетимизде миллетлераралық ҳәм диний кеңпейиллик ийгиликли мақсетлер ҳәм идеялар алға қойылып, бул бағдарда унамлы жумыслар әмелге асырылмақта.

Мәмлекетимизде 130 дан артық миллет ўәкиллери бир шаңарақтың перзентлериндей тең ҳуқықлы ҳәм өз-ара аўызбиршиликте жасамақта. Олардың ҳуқықлары менен еркинликлери, нызамлы мәплерин қорғаў, билим алыўы, кәсип-өнер үйрениўи, миллий мәденияты, үрип-әдет дәстүрлерин сақлаў ҳәм раўажландырыў ушын мәмлекетимиз тәрепинен барлық шараятлар жаратылмақта.

Әлбетте, бул нәрсе ҳәр қандай инсан қәлбин үлкен қуўанышқа бөлейди. Себеби, Өзбекстан Республикасында миллетлераралық ҳәм диний кеңпейиллик тараўында әмелге асырылып атырған кең көлемли жаңаланыўлар жәмийетте миллетлераралық татыўлық, өз-ара ҳүрмет, мийрим-шәпәәт, тынышлық ҳәм татыўлықты беккемлеў, социаллық-руўхый орталықты тәмийинлеў, бүгинги күнде халықты разы етиў ушын елимизде алып барылып атырған реформалар, унамлы нәтийжесин берип келмекте. Сондай-ақ, миллетлераралық татыўлықты ҳәм диний кеңпейиллик принциплерин қәлиплестириў, миллетлердиң ҳәр тәреплеме раўажланыўын, олардың миллий қәдириятларын сақлап қалыў, үрп-әдет ҳәм дәстүрлериниң раўажланыўына мәмлекетимизде барлық имканиятлар жаратылған болып, бул өз гезегинде көп миллетли Ўатанымыздың еле де гүллеп жаснаўына хызмет етпекте. Буның қәдирине жетиўимиз керек.

Илажда университеттиң белсенди студент-жасларының атқарыўындағы концерт бағдарламасы ҳәм видеороликлер жыйналғанлардың нәзерине усынылды.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги