Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасының гезектеги мәжилиси болып өтти. Онда бир қатар нызам жойбарлары көрип шығылды.

Мәжилисте дәслеп Президентимиздиң 2024-жыл 18-19-апрель күнлери Тәжикстан Республикасына мәмлекетлик сапарының әҳмийети ҳаққында сөз етилди.

– Кейинги жылларда еки мәмлекет басшыларының сиясий ерк-ықрары нәтийжесинде мәмлекетлеримиз арасындағы жақын қоңсышылық, туўысқанлық байланыслары беккемленип, барлық бағдардағы бирге ислесиў жедел раўажланбақта, – деди Нызамшылық палатасының Спикери Н.Исмоилов. – Бул сапар мәмлекетлеримиз арасындағы көп тәреплеме бирге ислесиў ҳәм дослық байланысларын жоқары басқышқа көтерип, жаңа бетлер ашады.

Сапар даўамында ерисилген келисим ҳәм шәртнамалар өз-ара түсинисиў ҳәм нызамшылық қатнасықлары артқа қайтпайтуғын түрге енгенин аңлатады. Өзбекстан ҳәм Тәжикстан қатнасықларының сапа жағынан жаңа басқышқа көтерилгенин билдиреди. Бул ҳүжжетлер, әлбетте, еки халықтың абаданлығын арттырыўға хызмет етеди. Депутатлар корпусының ўәкиллери Өзбекстан ҳәм Тәжикстан бирге ислесиўин, Аўқамласлық қатнасықлары ҳаққындағы шәртнаманы жоқары баҳалады.

Тәжикстан парламенти менен бирге ислесиў мәселелерине де тоқтап өтти. Парламентлераралық өз-ара бирге ислесиўди жаңа басқышқа көтериў бағдарындағы жумысларды әмелге асырыў зәрүр екени атап өтилди.

Мәжилисте «Майыплығы болған шахслардың ҳуқықлары ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы Нызамына қосымшалар ҳәм өзгерислер киргизиў ҳаққында»ғы нызам жойбары екинши оқыўда статьяма-статья додаланды.

– Елимизде майыплығы болған шахслардың ҳуқықлары менен мәплерин қорғаўға айрықша итибар қаратылмақта, – деди депутат Мадина Баратова. – Бул нызам жойбары менен «Майыплығы болған шахслардың ҳуқықлары ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы Нызамына майыплығы болған шахслардың судлаўдан пайдаланыў, сайлаў ҳәм сайланыў, референдумда қатнасыў, сондай-ақ, мультимедиа қураллары ҳәм мәлимлеме-коммуникация технологияларын раўажландырыў жәрдеминде билим алыў ҳуқықларын тәмийинлеў ушын қосымша шараятлар жаратыўды нәзерде тутатуғын өзгерислер киргизилмекте.

Соның менен бирге, «Майыплығы болған шахслардың ҳуқықлары ҳаққында»ғы нызам Майыплардың ҳуқықлары ҳаққындағы Конвенция тийкарында майыплығы болған шахслар менен сәўбетлесиў ушын пайдаланыў мүмкин болған сөйлесиў түрлерин, сондай-ақ, социаллық инфраструктура объектлерин бул категориядағы шахсларға иркинишсиз кириўи ушын бейимлестириў тийкарларын белгилеўши нормалар менен толықтырылмақта.

Додалаўларда берилген ҳәр бир усыныслар талланып, олардың көпшилиги нызам жойбарының текстинде сәўлелендирилди. Атап айтқанда, жойбардың мазмун-мәниси ҳәм әҳмийетинен келип шығып, оның атамасы ҳәм кирис бөлимине редакторлық дүзетиўлер киргизилди.

Қызғын пикир-таласлардан кейин майыплығы болған шахсларға жаратылып атырған шараятларды буннан былай да кеңейтиўге хызмет ететуғын бул нызам жойбары екинши оқыўда қабыл етилди.

Ишки ислер министрлигиниң мағлыўматларына бола, аймақларда баҳалы байлықларды қазып алыўға байланыслы криминоген жағдай жаманласқан. Әсиресе, Наўайы ҳәм Самарқанд ўәлаятларында нызамсыз алтын қазып алыўда жарақат алғанлар ҳәм ҳәттеки өлиўшилик жағдайлары жүз берген. Баҳалы металларды нызамсыз қазып алыўға байланыслы 2021-жылы 806 жағдай, 2022-жылы 1 мың 233 жағдай, 2023-жылы 723 жағдай анықланған. Ҳәкимшилик жазалардың қолланылыўына қарамастан, бул жағдайлар қайтадан жүз бермекте.

Баҳалы металл ҳәм тасларды нызамсыз қазып алғаны ушын жуўапкершиликти күшейтиў мақсетинде ислеп шығылған, жер ҳәм жер асты байлықларын қәстерлеп сақлаў ҳәм қорғаўға қаратылған нызам жойбары Олий Мажлис Нызамшылық палатасының мәжилисинде биринши оқыўда көрип шығылды.

– Жер ҳәм жер асты байлықларын қорғаўда бир қатар машқалалар бар, – дейди ишки ислер министриниң орынбасары Б.Абдуллаев. – Бириншиден, жер асты байлықларын нызамсыз қазып алғаны ушын тек ғана ҳәкимшилик жуўапкершилик белгиленгени ҳәм жаза түри тәсиршең емеслиги бундай ҳуқықбузарлықлардың қайтадан жүз бериўине алып келмекте. Ҳәттеки 7-10 рет жаза қолланыўдан кейин де және қайталаған пуқаралар бар. Сол себепли нызам жойбары менен мәмлекетимизде жер асты байлықларын қәстерлеп сақлаў ҳәм қорғаў, баҳалы металлар ҳәм баҳалы таслардың нызамсыз қазып алыныўына шек қойыў мақсетинде бул категориядағы қылмыслар ушын жуўапкершиликти күшейтиўди нәзерде тутатуғын өзгерислер киргизилмекте.

Сондай-ақ, Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекстиң бир қатар статьяларына да өзгерислер киргизилмекте. Оған бола, пуқаралар тәрепинен жер участкаларын өзбасымшалық пенен ийелеп алыў ҳәм бул жерлерде қурылыс жумысларын әмелге асырыў, жер бериў тәртибин бузыўға байланыслы ҳуқықбузарлықларға қол урған шахсларға ҳәкимшилик протоколды рәсмийлестириў ўәкиллигин ишки ислер уйымларына бериў усыныс етилмекте.

Депутатлар нызам жойбарының әҳмийетли екенин атап өтип, оны концептуаллық жақтан қабыллады.

Мәжилисте Өзбекстан Республикасының Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодексине өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиўге қаратылған нызам жойбары додаланды.

Әмелдеги нызамшылықта анық мүддет көрсетилмегени себепли автоматластырылған фото ҳәм видеоға алыў қураллары арқалы дизимге алынған жол ҳәрекети қағыйдаларының бузылғаны жағдайлары бир неше күн ямаса айлардан кейин орынлаўға келип түспекте. Бул болса пуқаралардың бул қағыйда бузыўын тән алмаўы ямаса жыйналып қалған жәриймаларды төлеўге қыйналып қалыўына алып келмекте.

Соннан келип шығып, нызам жойбары менен автоматластырылған фото ҳәм видео көринис техника қураллары арқалы жол ҳәрекети қағыйдаларының бузылғаны дизимге алынған жағдайларда транспорт қуралының мүлк ийеси ҳаққында мағлыўмат болмаса, сондай-ақ, арнаўлы автоматластырылған фото ҳәм видео көринис техника қураллары арқалы дизимге алынған жол ҳәрекети қағыйдалары бузылыўына байланыслы мағлыўматлар жәрийма салыў ҳаққында қарар шығарыўға ўәкилликли болған лаўазымлы шахсқа 48 саат ишинде жиберилмеген болса ҳәм 15 күн ишинде жәрийма салыў ҳаққында қарар шығарылмаған болса, жумысты көрип шығыўды сапластырыў белгиленбекте.

Сондай-ақ, Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекстиң 17/1-статьясына қыстаўлы медициналық жәрдем ҳәм өрт-қутқарыў бөлимлери транспорт қураллары тәрепинен жүз берген қағыйда бузыў бойынша жүргизилген ҳәкимшилик жумысларды артықша қағазпазлықтан ўаз кешкен ҳалда сапластырыў тәртибин енгизиў белгиленбекте.

Буннан тысқары, жойбарда киши көлемли электр двигателли транспорт қураллары ҳәм индивидуал ҳәрекетлениў қураллары – скутер, мопед, велосипед айдаўшы, индивидуал ҳәрекетлениў қуралын, автомобиль басқарып барыўшы шахс тәрепинен жүз берген ҳуқықбузарлықлар ушын ҳәкимшилик жуўапкершиликти белгилеў нәзерде тутылмақта.

Атап өтилгениндей, жол тәртибине әмел етпейтуғын пиядалар саны да кескин артпақта. 2023-жылы 300 мыңнан аслам жол ҳәрекети қағыйдаларын бузыў жағдайлары дизимге алынған. Сол себепли қағыйданы бузатуғын пиядаларға да жуўапкершиликти аўырластырыў нәзерде тутылмақта.

Бул нызам жойбарының қабыл етилиўи жол ҳәрекети қағыйдаларына әмел етилиўи, жол-транспорт ҳәдийселериниң алды алыныўы ҳәм жолларда ҳәрекет қәўипсизлигин тәмийинлеў арқалы пуқаралардың нызамлы мәплери нәтийжели қорғалыўына хызмет етеди.

Сондай-ақ, мәжилисте нәшебентлик қураллары, олардың аналоглары ямаса психотроп қураллар, сондай-ақ, күшли тәсир етиўши ҳәм зыянлы элементлердиң нызамға қайшы түрде айланысына қарсы гүресиўге қаратылған нызам жойбары үшинши оқыўда көрип шығылды. Бул нызам жойбары менен нәшебентлик қураллары, олардың аналоглары ямаса психотроп элементлерин телекоммуникация тармақлары ҳәм Интернет жәҳән мәлимлеме тармағынан пайдаланып нызамға қайшы түрде айланысқа киргизилгени, бул жынаятларды жас өспиримлерди тартқан ҳалда ислегени ушын жуўапкершилик илажлары күшейтилмекте.

Нәшебентлик қураллары, олардың аналоглары ямаса психотроп қураллар, күшли тәсир етиўши ҳәм зыянлы элементлерди өткериў мақсетин гөзлемей нызамға қайшы түрде алыў, сақлаў, тасыў ямаса жибериў ушын да ҳәкимшилик ҳәм жынайый жуўапкершилик белгиленбекте.

Муҳтарама КОМИЛОВА,

ӨзАның хабаршысы