Өзбекстан сыртқы ислер министри Бахтиёр Саидов кеше Сербия Бас министриниң биринши орынбасары ҳәм сыртқы ислер министри Ивица Дачич пенен телефон арқалы сөйлести, деп хабар етпекте «Дунё» МА хабаршысы.

«Сербия Бас министриниң биринши орынбасары ҳәм сыртқы ислер министри мырза Ивица Дачич пенен телефон арқалы сөйлестик, – деп жазды Өбекстан СИМ баслығы өзиниң telegram каналында. – Өзбекстан ҳәм Сербия арасындағы еки ҳәм көп тәреплемели бирге ислесиўдиң бир қатар бағдарлары бойынша пикир алысты. Өз-ара қатнасықларымызды, әсиресе, экономикалық байланысларымызды кеңейтиў ушын көплеген имканиятларды көрмектемиз».

Еслетип өтемиз, 2023-жыл 7-апрель күни Өзбекстан ҳәм Сербия сыртқы сиясат уйымларының басшылары Бахтиёр Саидов ҳәм Ивица Дачич Ташкентте сөйлесиўлер өткерген еди. Онда саўда ҳәм инвестициялық байланысларды институционалластырыў арқалы экономикалық дипломатияны жедел раўажландырыў, бул бағдардағы бирге ислесиўдиң ҳуқықый тийкарларын беккемлеў бойынша усыныслар көрип шығылған еди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги