Олий Мажлис Сенатының Баслығы Танзила Норбоева Уллы Британия сыртқы ислер, дослық аўқамы ҳәм раўажланыў мәселелери бойынша мәмлекетлик хаткери Дэвид Кэмеронды қабыллады.

Өзбекстан ҳәм Уллы Британия сиясий-дипломатиялық сөйлесиўин кеңейтиў, сондай-ақ, халықаралық майданда конструктивлик бирге ислесиўди даўам еттириў, саўда-экономикалық ҳәм мәдений-гуманитарлық қатнасықларды беккемлеў, парламент байланысларын жеделлестириў мәселелери додаланды.

Сөйлесиў ўақтында кейинги жылларда мәмлекетлеримиз арасындағы қатнасықлар жоқары дәрежеге көтерилгени айрықша атап өтилди.

Сәўбет даўамында жасыл экономиканы раўажландырыў тараўында биргеликтеги жойбарларды жолға қойыў, климат өзгериўи ақыбетлерине қарсы гүресиўде өз-ара бирге ислесиўди күшейтиў әҳмийетли екени атап өтилди.

Буннан тысқары, билимлендириў ҳәм мәдений-гуманитарлық байланысларды раўажландырыў тийкарғы бағдар сыпатында тән алынды. Жоқары билимлендириўде заманагөй тараўлар бойынша маман қәнигелерди таярлаў, инглис тилинде оқытылатуғын тәлим бағдарларын кеңейтиўдиң әмелий тәреплери көрип шығылды.

Дэвид Кэмерон Өзбександа инсан ҳуқықларын тәмийинлеў, атап айтқанда, мүнәсип мийнет принциплерин енгизиў, гендер теңликке ерисиў, шаңарақтағы күш көрсетиўге қарсы гүресиў бағдарында унамлы жумыслар әмелге асырылып атырғанын айрықша атап өтти.

Ушырасыў процесинде кейинги жылларда парламентлераралық бирге ислесиў сезилерли дәрежеде жеделлескени атап өтилди. Тәреплер бул бағдарда өз-ара сөйлесиўди және де кеңейтиў бойынша пикир алысты.

Норгул АБДУРАИМОВА,

ӨзАның хабаршысы