Мәмлекетимизде жас әўладты Ўатанға садық, уллы ата-бабаларымызға мүнәсип ул-қызлар етип тәрбиялаў, бүгин елимиздиң ҳәр бир пуқарасының әдиўли ўазыйпасына айланған.

Биз ҳуқық қорғаў тараўы хызметкерлери де жуўапкершиликли ўазыйпаларымызды инабат пенен орынлаўда, мәмлекетимизде басқышпа-басқыш әмелге асырылып атырған тәлим-тәрбия процесине, миллий қәдириятларымызға сүйенемиз.

Мәлимлеме технологиялары раўажланған әсирде, жасларымыздың санасын түрли менталитетимизге  жат түрли идеялардан сақлаў жолында, бар билим ҳәм тәжирийбемизди иске қосып ҳәрекет етип келмектемиз.

Қанлыкөл районлық Ишки ислер бөлими ҳуқықбузарлықлар профилактикасы бөлими жас өспиримлер ҳәм жаслар арасында жынаятшылық ҳәм ҳуқықбузарлықлардың ерте алдын алыў бойынша, район аймағындағы улыўма орта билим бериў мектеплери ҳәм кәсип-өнер мектебинде белгиленген Ис-реже тийкарында жумыслар алып барылмақта.

Атап айтқанда, Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2023-жыл 13-сентябрьдеги «Жәмлеспеген жаслар арасында ҳуқықбузарлықлардың алдын алыў ҳәм жынаятшылыққа қарсы гүресиў ҳаққында»ғы 246-санлы қарарына тийкарланып, район аймағында жәмлеспеген жаслар арасында тийисли шөлкемлер менен биргеликте, олардың жасаў орынларына барып, анкеталары толтырылды ҳәм күн-көрис жағдайлары үйренилди.

Сондай-ақ, район ҳәкимлиги, Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи бөлими, Жаслар ислери агентлиги менен биргеликте жаслардың бос ўақытларын мазмунлы өткериў, оларды Ўатан сүйиўшилик руўхында тәрбиялаў мақсетинде, Нөкис қаласы ҳәм Мойнақ районындағы музейлер, тарийхый орынларға саяхатларға алып барылды.

Сондай-ақ, 3-сектор басшылығында ҳәр түрли спорт жарыслары шөлкемлестирилип, жеңимпаз командалар районлық ИИБ тәрепинен сыйлықланып келинбекте.

Алдағы ўақытлары да жаслар тәрбиясы менен байланыслы илажларды еле де жанландырыў, алып барып атырған жумысларымыздың тийкарғы бағдары болып қала береди.

     Ю.Артыков,

Қанлыкөл районлық Ишки ислер бөлими жас өспиримлер ҳәм жаслар арасында ҳуқықбузарлықлар профилактикасын шөлкемлестириў топары аға инспекторы, майор.

Қарақалпақстан хабар агентлиги