Баку қаласында Өзбекстан Журналистлер аўқамы менен Әзербайжан Баспасөз кеӊеси арасында бирге ислесиў меморандумына қол қойылды.

Усы мүнәсибет пенен шөлкемлестирилген илажда еки мәмлекет басшыларыныӊ ушырасыўларында ерисилген келисимлердиӊ орынланыў нәтийжелери, өзбек ҳәм әзер халықларын мәӊги дослық, туўысқанлық қатнасықлары өз-ара байланыстырып турғаны ҳаққында айтылды. Өзбекстан ҳәм Әзербайжан ғалаба хабар қураллары арасында бирге ислесиў байланысларын беккемлеў, тараў ўәкиллериниӊ тәжирийбе алмасыўын нәтийжели жолға қойыў сыяқлы мәселелер бойынша пикир алысылды.

Сөйлесиў барысында Өзбекстан Журналистлер аўқамы баслығыныӊ ўазыйпасын атқарыўшы Холмурод Салимов мәмлекетимизде Президент Шавкат Мирзиёевтиӊ басшылығында медиа тараўыныӊ раўажаланыўы жолында әмелге асырылып атырған жумыслар, Өзбекстан ҳәм Әзербайжан ҒХҚ арасындағы бирге ислесиў байланысларын жаӊа басқышқа көтериў сыяқлы мәселелер ҳаққында айтылды.

Әзербайжан Баспасөз кеӊеси баслығы Рашад Межид халықларымыз арасындағы қатнасықлардыӊ тамырлары узақ өтмишке барып тақалатуғыны, дәстүрлер, ағартыўшылық, қәдирият ҳәм мәдениятларымыздыӊ ортақлығы, еки мәмлекет журналистлериниӊ бирге ислесиў перспективалары, олардыӊ нәтийжели тәжирийбе алмасыўы бойынша өз пикирлерин билдирди.

Қол қойылған бирге ислесиў меморандумына бола, дослық қатнасықларын беккемлеў, өз-ара тәжирийбе алмасыў, биргеликте халықаралық конференциялар ҳәм баспасөз әнжуманларын өткериў, пресс-турлар шөлкемлестириў, Өзбекстан ҳәм Әзербайжан ғалаба хабар қураллары арасында өз-ара пайдалы байланыслар орнатылыўын қоллап-қуўатлаў сыяқлы бир қатар ўазыйпалар нәзерде тутылған.

Илаж жуўмағында Әзербайжан Баспасөз кеӊеси баслығы Рашад Межидге Өзбекстан Журналистлер аўқамыныӊ саўғасы тапсырылды.

ӨзА