Бас прокуратура жанындағы Департаменттиң Нөкис қалалық бөлими тәрепинен Ишки ислер министрлиги хызметкерлери менен биргеликте өткерилген оператив илаж даўамында жасырын цех анықланып, жарамсыз алкоголь өнимлери айланысының алды алынды.

Атап айтқанда, Төрткүл районында жасаўшы Р.А. өзиниң үйинде жасырын цех ашып, пуқара Б.А.ға “Қаратаў” арағын сатқан ўақтында усланды. Оның жасырын цехы көзден өткерилгенде 420 дана жасалма усылда таярланған “Қаратаў” арағы, 550 дана капсула ҳәм қақпақ,  722 дана қәлбеки акциз марка ҳәм басқа товар-материаллық байлықлар айғақлы дәлил ретинде алынды.

Бул жағдай бойынша Жынаят кодексиниң тийисли статьялары менен жынаят иси қозғатылып, тергеў ҳәрекети алып барылмақта.

Қарақалпақстан хабар агентлиги