Өзбекстан Республикасы Президентиниӊ пуқараларды қоллап-қуўатлаўға қаратылған Нызамына (ӨРН-922-санлы,18.03.2024 ж.) қол қойылды.

Оған бола, пенсионерлерге есапланған, бирақ оныӊ тәрепинен талап етип алынбаған пенсияларды төлеў мүддети 12 айдан 24 айға созылды. (Пенсия жасына жеткен пуқараларға пенсия тайынлаў ушын напақа Пенсия қорына, ал өзлерине қолайлы болған Мәмлекетлик хызметлер орайлары яки БИМХП (my.gov.uz) арқалы мүрәжат етиў ҳуқықы берилди.

Пенсиялардыӊ еӊ аз муғдары минимал тутыныў қәрежетлеринен аз болмаўы белгиленди. Онда, пенсиялардыӊ муғдары жыл даўамында товарлар ҳәм хызметлердиӊ тутыныў баҳалары индекси дәрежесиниӊ өсиў пәтлерин инабатқа алған ҳалда көбейип барылатуғыны атап өтилди.

Сондай-ақ, пенсия жасына жеткен пуқара ушын топлаған пенсия қаржыларын Халық банкиниӊ мобиль қосымшасы арқалы алыў имканияты жарытылды. Пуқарада бул ҳуқық жүзеге келгени Пенсия қоры тәрепинен Халық банкине мәлимлеме системасы арқалы электрон форматта жиберилген мағлыўматлар тийкарында анықланады.

Муҳайё Тошқораева, ӨзА